Буннан бир неше жыл бурын да мигрантларға екинши дәрежели адамлар, ҳәттеки, "ериншек", "жалқаў" деп қараў дәстүрге айланған еди. Оларға жумыс табыўда жәрдемлесиў, сырт елде мүнәсип мийнет шараятын жаратыў, кепилленген ҳуқықларын ҳәм шаңарағын қорғаў ҳаққында ойлаў ҳеш кимниң ойына келмеген.
Кейинги жылларда тәртипли мийнет миграциясына мүнәсибет түп-тийкарынан өзгерди. Мийнет мигрантлары менен сөйлесиў орнатылды, олардың машқалалары ҳәм мүтәжликлерин үйрениў және шешиў бойынша жаңа система енгизилди.
Бул пуқараларымыздың сырт елде жумыс ислеўи ушын шараятлар жаратыў, ҳуқықларын қорғаў, кепилленген мийнет базары менен тәмийинлеў, елимизге қайтып келгеннен кейинги тәғдирине бийпәрўа болмаў сыяқлы ҳәрекетлерде көринеди.
Ең әҳмийетлиси, қәўипсиз, тәртипли ҳәм нызамлы мийнет миграциясы системасы шеңберинде мийнет миграциясы географиясын кеңейтиў, кәсип-өнерге ҳәм шет тиллерине оқытыў арқалы пуқаралардың сырт елде ўақтынша мийнет етиўин әмелге асырыўға жәрдемлесиў, ҳуқықый ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў, сырт елден қайтқан пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында нәтийжели жумыслар исленди.
Кейинги жылларда сырт елде жумыс ислеп атырған ўатанласларымыз ҳәм шаңарағын қоллап-қуўатлаўға қаратылған жеңилликлер көлеми кеңейди, нызамлы миграцияны тәмийинлеў, сырт елдеги ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаўдың ҳуқықый тийкарлары жетилистирилди.
Бурын бул бағдарда 3 мәмлекет пенен исленген болса, ҳәзир олардың саны 27 ге жетти. Бирге ислесиўши ири сырт ел жумыс бериўшилери дерлик 400 ге көбейди. Сырт елде жумыс ислеп атырған ўатанласларымыздың саны он жылда еки есеге азайған болса да, олардың шаңарақларына жиберип атырған қаржысы төрт есеге артты.
Тийкарғысы, бул мәселе мәмлекетимиздиң турақлы итибарында. Соның ишинде, усы жылдың 2-ноябрь күни мийнет миграциясы системасын жетилистириў мәселелерине бағышланған мәжилисте де бул бағдарда ўазыйпалар белгиленип, бир қатар хошамет ҳәм жеңилликлер жәрияланды.
"Сырт елде жумыс ислеп атырған ҳәр бир ўатанласымыз – шаңарағының ырысқы-несийбеси, перзентлериниң келешеги ушын тынымсыз мийнет етип атырған ҳақыйқый мәрт инсанлар. Олар да бизиң пуқараларымыз, бизиң перзентлеримиз!" деди мәжилисте Президентимиз. Бул болса жаңа Өзбекстанда "Инсан қәдири ушын" ийгиликли идеясының әмелдеги көриниси болып есапланады.
Инсан сырт елге жумыс ислеўге кеткенде оның ҳуқықлары мәмлекет шегарасында қалып кетпеўи керек. Ол қай жерде мийнет еце де, қәўипсиз шараятта ислеўи, мийнетине жараса ҳақы алыўы, абырайы ҳәм қәдир-қымбаты ҳүрмет етилиўи ҳәм қыйын жағдайда ҳуқықый қорғаўдан пайдаланыў имканиятына ийе болыўы керек.
Мийнет миграциясы ҳаққында сөз болғанда әдетте сырт елде ислеп атырған пуқаралардың саны, олар жиберип атырған пул қаржылары ҳәм жумыс орынлары ҳаққындағы санларға итибар қаратылады. Әлбетте, олар әҳмийетли көрсеткишлер болса да, инсан ҳуқықлары көзқарасынан және бир норма бар: сырт елде мийнет етип атырған пуқара өзин қаншелли қәўипсиз ҳәм қорғалған деп сезинбекте?
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен шаңарағының абаданлығы ҳәм перзентлериниң келешеги ушын Ўатанынан узақта мийнет етип атырған ўатанласларымыздың пидайылығы атап өтилип, олар қай жерде болмасын, мәмлекеттиң қоллап-қуўатлаўын сезиўи зәрүр екенлиги атап өтилгени инсаныйлық сиясатының мәнисин және бир мәрте айқын көрсетти.
Мәжилисте мийнет миграциясын тек ғана сырт елде жумыс табыў имканияты емес, ал пуқараны кәсипке таярлаў, нызамлы жумысқа жайластырыў, ҳуқықларын қорғаў, социаллық кепилликлерин тәмийинлеў ҳәм Ўатанға қайтқаннан соң, мүнәсип мийнет етиўин даўам еттириўге жәрдемлесиўди қамтып алатуғын бир пүтин система сыпатында раўажландырыў ўазыйпалары белгиленди.
Бул қатнастың ҳуқықый тийкары Конституциямызда да беккемлеп қойылған. Атап айтқанда, онда Өзбекстан аймағында да, оның сыртында да өз пуқараларын қорғаў ҳәм оларға қәўендерлик көрсетиў кепилленген, ҳәр ким мүнәсип мийнет етиўи, қәўипсиз мийнет шараятларында ислеўи ҳәм әдил ҳақы алыў ҳуқықы белгиленген.
Демек, сырт елдеги пуқараларымыздың ҳуқықларын қорғаў тек ғана социаллық жуўапкершилик емес, ал конституциялық әҳмийетке ийе ўазыйпа болып есапланады.
Миграцияға таярлық – ҳуқықый қорғаўдың биринши басқышы
Мәжилисте пуқараларды шет тиллер ҳәм кәсиплерге мақсетли оқытыў, анық жумыс орынларына таярлаў мәселелерине үлкен итибар қаратылды. Бул бийкарға емес. Себеби кәсиплик тәжирийбе ҳәм тил билиў инсанға тек ғана жоқары дәрамат табыў емес, ал өз ҳуқықларын аңлаў, жумыс бериўши менен қатнасықларда өз мәплерин қорғаў имканиятын да береди.
Усы мәниде, аймақларда миграция орайларын шөлкемлестириў, техникумларда сырт елли жумыс бериўшилердиң талабына муўапық кадрлар таярлаў, тил үйретиў ҳәм маманлық сертификатларын алыў имканиятларын кеңейтиўге байланыслы ўазыйпалар үлкен әҳмийетке ийе.
Бирақ кәсиплик таярлық ҳуқықый хабардарлық пенен бирге барыўы зәрүр. Сырт елге барып атырған ҳәр бир пуқара мийнет шәртнамасының мазмуны, жумыс ўақты, мийнет ҳақы, медициналық қамсызландырыў, жасаў шараятлары, сондай-ақ, ҳуқықлары бузылғанда мүрәжат етиўи мүмкин болған ўәкилликли шөлкемлер ҳаққында жетерли мағлыўматқа ийе болыўы керек.
Себеби өз ҳуқықларын билген инсан мийнет қатнасықларында жүзеге келиўи мүмкин болған қолайсызлықлардан қорғалған болады.
Сондай-ақ, жеке меншик бәнтлик агентликлериниң жуўапкершилиги де инсан мәплери менен өлшениўи керек. Соның ушын жеке меншик бәнтлик агентликлериниң жумысын кеңейтиў ҳәм жуўапкершилигин арттырыў менен бирге, олардың ашық рейтингин жүргизиў ҳәм онда пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў және социаллық кепилликлерди тийкарғы өлшемлерден бири сыпатында белгилеў мақсетке муўапық.
Омбудсман сыпатында бул тәрепти айрықша әҳмийетли деп есаплайман. Себеби, пуқараны сырт елге жумысқа жибериў менен агентликтиң жуўапкершилиги таўсылмаўы керек. Жумысқа жайластырыўда берилген ўәделердиң әмелде орынланыўы, мийнет шәртнамасына әмел етилиўи, мийнет ҳақының өз ўақтында төлениўи ҳәм пуқара ҳуқықлары бузылғанда оған жәрдем көрсетилиўи де әҳмийетли.
Агентликлер тәрепинен усыныс етилип атырған жумыс орынлары, хызмет ҳақы ҳәм мийнет шәртлери ҳаққындағы мағлыўматлардың ашық-айдынлығы пуқараларды алдаў арқалы нызамсыз дәлдалшылық ҳәм адам саўдасы қәўпинен қорғаўда әҳмийетли орын ийелейди.
Мәмлекетимиз басшысының мәжилисте билдирген төмендеги сөзлери оғада әҳмийетли: "Сырт елде мийнет етип атырған бирде-бир ўатанласымыз өз машқаласы менен жалғыз қалмаўы керек, Ўатанының қорғалыўын сезиўи зәрүр".
Қалаберди, қыйын жағдайға түскен пуқаралардың "Онлайн мәҳәлле" платформасы арқалы мүрәжат қалдырыў имканияты жаратылатуғыны, зәрүр жағдайларда елшилердиң сырт елде жумыс ислеп атырған пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, олардың жумыс бериўшилер менен жүзеге келген машқалаларын шешиў, жумыс визалары ҳәм мийнет квоталары мәселелеринде жәрдем бериў менен жеке өзи шуғылланатуғыны белгиленди.
Бунда ең әҳмийетли тәрепи мүрәжаттың қабыл етилиўи менен шекленип қалмастан, онда көтерилген мәселениң ўәкилликли уйымлар тәрепинен өз ўақтында ҳәм нәтийжели көрип шығылыўы болып есапланады.
Усы мүнәсибет пенен сырт мәмлекетлердиң омбудсманлары менен пуқаралардың мүрәжатларын биргеликте көрип шығыў, ҳуқықый жәрдем механизмлерин жетилистириў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў омбудсман институты жумысында әҳмийетли бағдарлардан бири болып қалады.
Миграцияның социаллық тәсири тек ғана сырт елде ислеп атырған инсан менен шекленбейди. Оның артында шаңарақ, перзентлер, кексе ата-аналар бар. Мийнет миграциясы шаңарақ дәраматын арттырыў менен бирге, айырым жағдайларда перзентлердиң тәрбиясы, билим алыўы, шаңарақ ағзаларының социаллық ҳәм руўхый жағдайы менен байланыслы мәселелерди де жүзеге келтиреди.
Сонлықтан, Президентимиз тәрепинен ҳәкимлерге сырт елде мийнет етип атырған пуқаралардың шаңарақлары, ата-аналары ҳәм перзентлерин қоллап-қуўатлаў ўазыйпасы жүкленди.
Бундай қоллап-қуўатлаўда балалардың мәплери үстин болыўы, олардың билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық қорғаў хызметлеринен пайдаланыў имканиятлары тәмийинлениўи зәрүр.
Сырт елдеги жумыс стажы ҳәм пенсия ҳуқықы пуқараның келешекке болған исеними болып есапланады
Мәжилисте көтерилген және бир әҳмийетли мәселе сырт елде арттырылған жумыс стажы ҳәм пенсия ҳуқықларын тән алыўға байланыслы болды.
Бүгин пуқараларымыз 40 тан аслам мәмлекетте нызамлы мийнет етип, пенсия төлемлерин төлемекте. Бул бағдарда Қырғызстан, Әзербайжан ҳәм Түркия менен еки тәреплеме келисимлерге қол қойылғаны, басқа да мәмлекетлер менен де усындай келисимлерге ерисиў ўазыйпасы белгиленгени пуқаралардың узақ мүддетли социаллық қорғалыўы ушын әҳмийетли.
Инсан сырт елде он жыллап мийнет етип, Ўатанына қайтқанда оның мийнет искерлиги ҳәм социаллық кепилликлери де итибардан шетте қалмаўы керек. Соның ушын жумыс стажы ҳәм пенсия ҳуқықларын тән алыў бойынша мәмлекетлераралық келисимлерге ерисиў социаллық әдилликти тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәртлеринен бири болып есапланады.
Мәжилисте миграциядан қайтқан пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў де дыққат орайында болды. Онда келтирилген мағлыўматларға бола, жыл басынан берли 1 миллион 116 мың пуқара сырт елден қайтқан. Жылдың ақырына шекем олардың 250 мыңына мүнәсип жумыс табыўға жәрдемлесиў ўазыйпасы қойылды.
Миграциядан қайтыў инсан ушын жаңа қыйыншылықлар басланатуғын емес, ал топлаған тәжирийбесин өз елинде қолланыў имканиятына айланыўы керек.
Мәселениң және бир тәрепи бар. Өзбекстанға жумыс ислеў ушын келип атырған сырт ел пуқараларының ҳуқықларын тәмийинлеў де итибардан шетте қалмаўы керек.
Соның ушын миграция процесслерин тәртипке салыўда миллий мийнет базарының мәплери менен бирге, сырт ел пуқараларының нызамлы ҳуқықлары, абырайы ҳәм қәдир-қымбатының ҳүрмет етилиўи де әҳмийетли болып есапланады.
Улыўма алғанда, Президентимиздиң басшылығында болып өткен мәжилисте белгиленген ўазыйпалар мийнет миграциясына тек ғана экономикалық ҳәм социаллық процесс емес, ал инсан ҳуқықлары ҳәм қәдир-қымбатын тәмийинлеў көзқарасынан да қатнас жасаў зәрүрлигин көрсетти. Бул болса омбудсман институтына да айрықша жуўапкершилик жүклейди.
Себеби, сырт елдеги пуқараларымыздың ҳуқықларын қорғаўда ең әҳмийетли норма олардың нызамларда белгиленген кепилликлерден әмелде пайдалана алыўы болып есапланады. Сонлықтан, омбудсман сырт елдеги ўатанласларымыздың мүрәжатларын үйрениў, ҳуқықлары бузылған жағдайда ўәкилликли уйымлар менен биргеликте ҳуқықый қорғаў механизмлерин иске қосыў, сондай-ақ, парламент дипломатиясының әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында сырт мәмлекетлердиң омбудсманлары менен тиккелей сөйлесиў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, олардың институционаллық имканиятларынан пайдаланған ҳалда пуқараларымыздың ҳуқықларын тиклеўге жәрдемлесиў және бар ҳуқықый тосқынлықларды сапластырыў бойынша усыныслар киргизиўди өзиниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири деп биледи.
Президентимиздиң атап өткениндей, шаңарағының абаданлығы, перзентлериниң келешеги ушын алыс еллерде ҳадал мийнет етип атырған ҳәр бир инсан ҳүрметке мүнәсип. Бул ҳүрмет тек ғана тән алыўда емес, оның ҳуқықларының қорғалыўында, мүрәжатларына итибар берилиўинде, аўыр жағдайға түскенде жәрдем қолы созылыўында да көринеди.
Себеби, пуқара мәмлекеттиң қорғаўын, бәринен бурын, қыйын жағдайда жалғыз қалмағанында сезеди. Ўатанынан қаншелли узақта болмасын, оның ҳуқықлары, қәдир-қымбаты ҳәм мәплери итибардан шетте қалмаўы бәршемиздиң жуўапкершилигимиз болып есапланады.
Феруза ЭШМАТОВА,
Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман)