Ишки ислер министрлигиниң мағлыўматына бола, оператив излеў
департаментине келип түскен мүрәжатта 2008-жылы туўылған қыз социаллық тармақ
арқалы бир жигит пенен танысқаны мәлим етилген.
Тергеўге шекемги тексериўде анықланыўынша, жигит түрли бәнелер менен
қыздың жеке қәсийетке ийе фото ҳәм видеоматериалларын қолға киргизген. Кейин
ала ол бул материалларды интернетте тарқатып жибериў менен қорқытып, 300 АҚШ
доллары талап еткен.
Ишки ислер министрлиги Оператив излеў департаменти ҳәм оның аймақлық
бөлимлери тәрепинен Сергели районында өткерилген оператив илаж даўамында
гүманланыўшы талап етилген қаржының 200 АҚШ долларын алып атырған ўақытта
усланған.
Бул жағдай
бойынша оған Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 165-статьясы 1-бөлими
(алдаўшылық) менен жынаят иси қозғатылып, нызамшылықта белгиленген тәртипте
процессуал илажлар көрилген.
Ишки ислер
министрлиги "Қәўипсиз ҳәм саламат ел" кең көлемли профилактикалық
илажлары даўам етип атырғанын мәлим етти. Мәкеме ата-аналарды перзентлериниң
интернеттеги байланысы, таныслары ҳәм санлы қәўипсизлигине итибарлы болыўға
шақырды.
Сондай-ақ,
пуқаралардан алдаўшылық ямаса басқа да жынайый ис-ҳәрекетлер ҳаққында
мағлыўматқа ийе болса, ишки ислер уйымларына мүрәжат етиўи соралды. Бундай
мүрәжат еткен шахстың шахсы сыр сақланыўы кепилленеди.