Ҳәр қыйлы жас категорияларында өткерилген беллесиўлер жуўмағында Өзбекстан ўәкиллери 34 алтын, 40 гүмис ҳәм 54 бронза медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи.

Сондай-ақ, жарыс миллий сайланды командамыздың тренерлер штабына 2026-жылғы Азия ойынлары алдынан тийкарғы ҳәм резерв қурамның потенциалын баҳалаў имканиятын берди.