Сөйлесиўлер алдында INOVA ҳәм "Өзбекгеофизика" кәрханасы арасында нәтийжели кооперация жолға қойылғаны атап өтилди. Сондай-ақ, АҚШ компаниясының халықаралық көлемде сейсмикалық технологияларды ислеп шығыўда жетекшилик етип атырғаны атап өтилди.
Ушырасыўда "Өзбекгеофизика" акционерлик жәмийетиниң жумысында әмелге асырылып атырған реформалар, кәрхананы техникалық ҳәм технологиялық жақтан модернизациялаў илажлары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Геологиялық-излеў жумысларына заманагөй сымсыз сейсмикалық технологияларды енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер "Өзбекнефтгаз" жумысына АҚШ компаниясының алдынғы технологиялары, тәжирийбеси ҳәм инновациялық шешимлерин енгизиўден өз-ара мәпдар екенин билдирди. Сондай-ақ, сейсморазведка тараўындағы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм қоспа жойбарларды буннан былай да кеңейтиўге келисип алынды.