Телеканал мағлыўматларына қарағанда, бортта 146 адам болған. Испания денсаўлықты сақлаў министрлиги басшысының мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта жолаўшыларда кеселлик белгилери анықланбаған, эвакуация әдеттегидей тәртипте әмелге асырылмақта.

ҒХҚ мағлыўматларына бола, ҳәзирги ўақытта 14 Испания пуқарасы Мадридтеги әскерий госпитальға алып келинген. Британиялы жолаўшылар арнаўлы рейс пенен Уллы Британияға жиберилиўи режелестирилген болып, олар Мерсисайд графлығы емлеўханасында медициналық бақлаўға алынады.

Нидерландия байрағы астындағы MV Hondius кемеси 1-апрель күни Аргентина портынан шықты. “Bloomberg”тиң мағлыўматына бола, инфекцияның ҳәўиж алыўы Нидерландия пуқарасы ҳәм оның өмирлик жолдасы кемеге минип, бурын Қубла Америка бойлап саяхат еткенинен кейин басланған. Кейин ала екеўи де қайтыс болды.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен лайнер менен байланыслы хантавирусқа шалыныўдың жәми сегиз жағдайы дизимге алынған болып, соннан үшеўи лабораторияда тастыйықланған, бесеўи болса гүман етилип атырған жағдай есапланады. 11-апрельден 2-майға шекем үш адам қайтыс болғаны ҳаққында хабар берилген.

Хантавируслар кемириўшилер арқалы тарқалатуғын вируслар семействосына киреди ҳәм адамда аўыр кеселликлерди, соның ишинде, геморрагик ыссылықты, дем алыў системасының жарақатланыўын келтирип шығарыў қәбилетине ийе. ЖДСШниң мағлыўматларына қарағанда, Арқа ҳәм Қубла Америкада инфекцияның айырым түрлеринде өлимшилик дәрежеси 50 процентке жетиўи мүмкин.

ЖДСШ Бас директоры Тедрос Аданом Гебреесус брифинг даўамында эвакуация етилген барлық жолаўшыларға 42 күнлик карантин ҳәм жедел медициналық бақлаўдан өтиўди усыныс етти.

“10-майдан баслап 42 күн актив бақлаў ҳәм 42 күн карантин. Оны қәнигелестирилген мәкемеде де, үйде де өткериў мүмкин”, - деп атап өтти ЖДСШ басшысы.

Оның атап өтиўинше, шөлкемниң усыныслары мәсләҳәтлесиў характерине ийе болып, жуўмақлаўшы илажлар эпидемиологиялық қәўип-қәтерлерди баҳалаў тийкарында айырым мәмлекетлердиң ҳүкиметлери тәрепинен қабыл етиледи.

Соның менен бирге, қәнигелердиң пикиринше, кемедеги хантавирус кеселлигиниң қәўпи жоқарылығына қарамастан, глобал пандемияға айланып кетпеўи мүмкин.