Жарысқа аймақтағы барлық жоқары оқыў орынларының
студент-қызларынан қуралған командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын күш сынасты.
Қызғын тәризде өткерилген жарыста студент-қызлар өзлериниң таярлығы ҳәм спорт
шеберликлерин көрсетиўге ҳәрекет етти.
Солай етип, жарыс жуўмағында Әжинияз атындағы Нөкис
мәмлекетлик педагогикалық институты командасы жеңимпаз болды ҳәм республикалық
финал басқышына жолламаны қолға киргизди.
Ал, 2-орынды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик
университети, сыйлы 3-орынды болса Инновациялық технологиялар университети командалары
ийеледи.
Мағлыўмат орнында, «Жаңа Өзбекстан студентлери
олимпиадасы» спорт жарыслары жоқары оқыў орынлары бакалавриатының күндизги
тәлим бағдарлары студентлери арасында спорттың волейбол, гандбол, баскетбол
3х3, стол тенниси, футбол, жеңил атлетика ҳәм жүзиў сыяқлы түрлери бойынша 3
басқышта өткерилиўи белгиленген.
Минажатдин
ҚУТЛЫМУРАТОВ,
«Янги Ўзбекистон»
хабаршысы.