Сапардың бағдарламасына муўапық Минск қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткерилиўи нәзерде тутылған.

Өзбекстан - Беларусь көп қырлы шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылады.

Өз-ара товар алмасыўды көбейтиў, аўыл хожалығы, машина қурылысы, фармацевтика, жеңил, азық-аўқат ҳәм санааттың басқа да тармақларында кооперацияны тереңлестириў мәселелери дыққат орайында болды.

Мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылады.

Саммит жуўмағында тийкарғы бағдарларда еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламын қабыл етиў режелестирилген.

Сапар алдынан Минск қаласында еки мәмлекет аймақлары делегациялары ҳәм исбилермен топарларының қатнасыўында үшинши Аймақлараралық форум өткерилетуғынын атап өтиў керек.