Бул мақсетлер экономикаға кирип киятырған ҳәр бир инвестиция, иске түсип атырған ҳәр бир кәрхана ҳәм жаратылып атырған ҳәр бир өним менен турмысқа енгизиледи. Инвестиция экономикада жаңа имканиятларға тийкар жаратады. Бирақ инвестицияның нәтийжеси өндирис ҳәм базарда көринеди. Кәрханада жаратылган өним дүнья базарында өз қарыйдарын тапқан сайын өндирис көлеми кеңейеди. Технология жаңаланады. Жаңа жумыс орынлары пайда болады. Усы мәнисте, инвестиция экономикаға күш берсе, экспорт әне усы күшке дүнья базарында орын ашады.

Дүньяда экспорт ушын бәсеки күшейип бармақта. Қарыйдардың таңлаўы көп. Ол сапа, баҳа, жеткерип бериў тезлиги, сертификат, хызмет көрсетиў дәрежесин бир ўақыттың өзинде баҳалайды. Соның ушын бүгин өним ислеп шығарыўдың өзи жетерли емес. Оны ким сатып алады, қайсы базарда оған талап бар, бәсекилес қанша баҳа қойған, товарды қалай жеткерип бериў мүмкин - усы сораўлардың жуўабын исбилермен алдыннан билиўи әҳмийетли.

Мәмлекетимиз басшысының исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде экспорт мәселесине айрықша итибар қаратылғаны усы жағынан үлкен әҳмийетке ийе. Изертлеўлер экспортшылар дус келип атырған машқалаларды санларда көрсетти: 40 процент исбилермен сырт елде қарыйдар табыўда қыйналады, 36 проценти өнимин сырт ел стандартлары ҳәм сертификат талапларына бейимлестириўде машқалаға дус келмекте. 37 процент экспортёрға қолайлы финанслық инструментлер жетиспей атыр, 33 процентинде болса базар, маркетинг ҳәм бренд бойынша зәрүр көнликпелер жетерли емес.

Келтирилген санлардың ҳәр бириниң артында белгили бир кәрхананың тәғдири тур. Бир исбилерменниң өними қоймаханада қалып кетиўи мүмкин. Басқасы қарыйдар тапса да, сертификат талабынан өте алмай қалыў итималы бар. Және бири жақсы өним ислеп шығарып, оны қайсы базарға алып шығыўды билмейди. Демек, экспорттағы тосқынлықлар тек ғана кәрхана ишиндеги машқала болып қалмастан, олардың бир бөлеги мәлимлеме, қаржы, логистика, сертификатлаў ҳәм базарға кириў системасына байланыслы.

Сонлықтан, жаңа "экспорт навигаторы" системасының әҳмийети үлкен. Оның ўазыйпасы исбилерменге жол көрсетиўден ибарат. Қайсы мәмлекетте қайсы өнимге талап бар - усы жерден басланады. Ол жерде бәсеки қандай, тариф қанша, товарды қайсы жол менен жеткериў арзан ҳәм тез - кейинги қәдем усы. Өним қандай сертификаттан өткериў, қайсы финанслық инструменттен пайдаланыў ҳәм қарыйдарды қай жерден табыўы да бир системада көриниўи керек.

Исбилерменниң сыртқы базарға шығыўын аңсатластырыў ушын, бәринен бурын, қайсы өнимге қай жерде талап жоқары екенин анықлаў керек. Усы мақсетте сырт ел базарларында талап ҳәм бәсекини үйрениў тийкарында 100 перспективалы өним таңлап алынады. Ҳәр бири бойынша бәсекилеслер, тарифлер, қарыйдардың талабы ҳәм логистика имканиятлары терең талланады. Алынған мағлыўматлар болса қурғақ статистика болып қалмай, исбилермен ушын әмелий жол картасына айланады. Яғный қайсы базарға қандай өним менен кириў, оның баҳасы ҳәм сапасына қандай талаплар қойылатуғыны, қарыйдарға қандай жеткерип бериў мәселелери алдыннан анық болады. Мине, усы таллаўлар тийкарында 2000 кәрхананың өндирисин белгили бир сыртқы базар ҳәм қарыйдар сегментиниң талабына бейимлестириў бағдарламасы ислеп шығылады. Нәтийжеде исбилермен базарды көзи байланған ҳалда излемейди, мәмлекет болса оның орнына бизнес жүргизбей, сыртқы базарға шығыўында зәрүр мағлыўмат, хызмет ҳәм әмелий жәрдемди бир системаға бирлестиреди.

Мәселен, жергиликли кәрхана сапалы өним ислеп шығарыўы мүмкин. Бирақ Европа ямаса Азиядағы қарыйдар басқа өлшем, қадақлаў, сертификат ямаса техникалық талапты сораўы итимал. Кәрхана усы талапты билсе, өндирисин өзгертеди. Қарыйдарды алдыннан үйренбеген кәрхана болса жақсы өнимди де базарға киргизе алмайды. Экспортта "өним бар" дегеннен көре "қарыйдарға керекли өним бар" деген қатнас үстин.

Миллий брендлер мәселеси де усы процесстиң әҳмийетли бөлеги. Дүнья базарында Өзбекстан аты сапа ҳәм исеним менен танылыўы керек. Бундай абырай бир күнде пайда болып қалмайды. Ол сапалы өним, турақлы тәмийнат, өз ўақтында жеткерип бериў ҳәм қарыйдарға жақсы хызмет көрсетиў арқалы жыллар даўамында қәлиплеседи.

Сол себепли сырт елли брендмекерлерди тартыў қәрежетиниң ярымын қаплаў, миллий брендлерди сырт ел базарында үгит-нәсиятлаў және халықаралық талапларға бейимлестириў ушын 50 мың долларға шекем субсидия ажыратыў үлкен әҳмийетке ийе. Исбилермен өнимди ислеп шықты. Енди оны дүньяға танытыў, бәсекилеслер арасында ажыратып көрсетиў ҳәм оған исеним оятыў керек. Бул илажлар әне усы басқышта исбилерменге әмелий жәрдем береди. Нәтийжеде Өзбекстанда ислеп шығарылған өнимлер сыртқы базарда өз аты ҳәм сапасы менен танылып барыўы ушын тийкар таярланады.

Халықаралық тендерлер де бизнестиң раўажланыўы ушын үлкен имканият. Бирақ бундай тендерде қатнасыў ушын өнимниң өзи жетерли емес. Ҳүжжет таярлаў, талапларды түсиниў, усынысты дурыс қәлиплестириў, бәсекилеслерди үйрениў сыяқлыларды билиў керек. Консалтинг компанияларының қәрежетиниң 80 процентин қаплаў механизми мине усы билим ҳәм тәжирийбе жетиспеўшилигин қаплаўға хызмет етеди.

Өзбекстан экспортының 60 проценти 20 мәмлекет үлесине туўра келип атырғаны да айрықша итибарға ылайық. Бул базарларда өзбек исбилермен бәсекини көрди, қарыйдардың талабын үйренди, стандартларға бейимлести. Енди мәселе базарларда экспортты және де арттырыў менен бирге, жаңа мәнзиллерди табыўдан ибарат. Тап усы жерде тәжирийбе ең үлкен капиталға айланады.

Усы мақсетте 20 тийкарғы экспорт базары ҳәм перспективасы жоқары және 5 мәмлекетте жумыс алып барып атырған исбилерменлерге "экспорт елшиси" статусын бериў нәзерде тутылмақта. Бул идеяның әҳмийетли тәрепи бар: сырт ел базарын сол жерде ислеп, саўда ислеп, табыслар ҳәм қыйыншылықларды басынан өткерген исбилермен жақсы биледи. Ол қайсы саўда тармағына кириў мүмкин екенлиги, қайсы сертификат талап етилиўи, қарыйдар менен қалай ислеў керек екенлигин әмелде көрген.

Дипломатияның экономикалық мазмуны да күшеймекте. Елшихана тек ғана сиясий сөйлесиў майданы болып қалмастан, исбилермен ушын әмелий жәрдем ноқатына айланғаны мақул. Жаңа базар ашылса, сол жерге биринши болып жол көрсететуғын, қарыйдар менен байланыстыратуғын, жергиликли орталықты түсиндиретуғын инсан керек. Бул ўазыйпада дипломатлар ҳәм экспорт елшилериниң бирге ислесиўи оғада әҳмийетли.

Экспорттағы және бир аўыр мәселе - мүддети өткен қарыздарлық. Бүгин сыртқы базардағы тынышсызлық, логистикадағы үзилислер ямаса қарыйдар менен байланыслы машқала исбилерменниң режесин өзгертип жибериўи мүмкин. Сол пайытта кәрхана сыртқы базардағы машқаланы шешиў менен бирге жәрийма басымы астында қалса, өндирис шынжыры және де қыйынласады.

Соның ушын жылдың ақырына шекем қарызды қаплаў ушын банк есап бетине валюта қойған экспортшының қаржысын экспорт түсими сыпатында қабыл етиў бойынша берилген шешим 3 мыңнан аслам экспортшы ҳәм 380 мың жумысшының мәпине хызмет етеди.

Экспорт шәртлерин жеңиллестириўге қаратылған басқа да илажлар да усы логикаға байланыслы. Товар ушын пул еле келип түспеген болса да экспортқа қойылған шеклеўдиң алып тасланыўы, инвойс тийкарында экспортта алдыннан 50 процент түсим талабының бийкар етилиўи, саўда үйлери ҳәм дистрибюторлар арқалы экспортта валюта түсимин тәмийинлеў мүддетиниң 180 күннен 365 күнге создырылыўы исбилерменге сыртқы базарда көбирек ҳәрекетлениў имканиятын береди.

Бизнесте гейде бир қағыйда үлкен имканиятты ашады, бир артықша тосық болса пүткил шәртнаманы тоқтатып қояды. Соның ушын экспорт сиясатындағы ҳәр бир тәртиптиң исбилермен турмысына қандай тәсир етиўи әҳмийетли. Қағаздағы жеңилликтиң әҳмийети өндирис цехы, қоймахана, банк есап бети ҳәм сырт елли қарыйдар менен дүзилген шәртнамада сезилгенде ғана артады.

Экспорттың көбейиўи болса өз-өзинен жүз бермейди. Сырт елде қарыйдар пайда болса, кәрхана өндирис көлемин арттырады. Өндирис көлеми кеңейсе, жаңа жумысшы керек болады. Буйыртпа көбейсе, шийки затқа талап артады. Логистика, қадақлаў, сертификатлаў, банк хызметлери де раўажланады. Бир экспорт шәртнамасы артынан пүткил экономикалық шынжыр ҳәрекетке келеди.

Сол себепли экспортты тек ғана валюта түсими сыпатында көриў тар көзқарас болып есапланады. Экспорт - кәрхананы өсиўге мәжбүрлейтуғын мектеп. Сырт ел қарыйдарының талабы жергиликли ислеп шығарыўшыны сапа арттырыўға ийтермелейди. Бәсеки технологияны жаңалаўға ийтермелейди. Үлкен буйыртпа өндирис көлемин кеңейтеди. Жаңа базар болса исбилерменге жаңа режелер ушын қанат береди.

Ең әҳмийетлиси, бул процессте ислеп шығарыўшы жалғыз қалмаўы керек. Исбилермен базар табады, өним ислеп шығарады, тәўекелшиликти өз мойнына алады. Мәмлекеттиң ўазыйпасы болса оның жолындағы жасалма тосқынлықларды азайтыў, зәрүр инфраструктура жаратыў, қаржы ҳәм мәлимлемеге жол ашыўдан ибарат.

Бүгин экспорт мәселесине берилип атырған итибардың тийкарында әпиўайы саўда мәпинен әдеўир үлкен мақсет тур. Гәп мәмлекетте ислеп шығарылып атырған өнимге мүнәсип баҳа бериў, исбилермен мийнетин кең имканиятлар менен үйлестириў ҳәм өндиристи заманагөй экономиканың ҳәрекетлендириўши күшине айландырыў ҳаққында бармақта. Себеби ҳәр бир экспорт шәртнамасы артында жумыс ислеп атырған кәрхана, жаңа буйыртпа, жаңа жумыс орны ҳәм инсанның ертеңги дәраматы бар.

Соның ушын, бүгин исбилермен ушын ашылып атырған ҳәр бир имканиятқа экономиканың келешегине қойылып атырған инвестиция, деп қараў мүмкин. Тосқынлық кемейсе, ҳәрекет тезлеседи, мәлимлеме анық болса, қарар дурыс болады. Базар ашылса, өндирис көлеми кеңейеди. Ең әҳмийетлиси, исбилермен өз мийнети менен ислеп шығарған өниминиң баҳасын арттырыў ушын зәрүр шараятқа ийе болады.

Миллий раўажланыўдың экономикалық мазмуны да әйне усы процесте айқын көринеди. Жоқары технология, мийнет өнимдарлығы, күшли өндирис ҳәм жедел экспорт бир-биринен ажыралған түсиниклер емес, ал бирден-бир экономикалық шынжырдың буўынлары болып есапланады. Оның ҳәр бир буўыны беккемленгени сайын мәмлекеттиң экономикалық тийкары да беккемленеди.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы