Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.

Атап айтқанда, қуяш фотоэлектр станциялары (ФЭС) 1 млрд 48 млн кВт саат, самал электр станциялары (СЭС) 245,7 млн кВт саат электр энергиясын ислеп шығарды.

Буның есабынан:

344 млн куб метр тәбийғый газди үнемлеў;

атмосфераға 743 мың тонна зыянлы затлар шығарылыўының алдын алыў.

Салыстырыў ушын, 2025-жылдың июнь айында қуяш ҳәм самал электр станциялары тәрепинен ислеп шығарылған электр энергиясы 1 млрд 52 млн кВт/с болған.

Июнь айында ислеп шығарылған "жасыл" электр энергиясы орташа 6,5 миллион хожалықлардың айлық тутыныўына ямаса 541 мың хожалықтың жыллық тутыныўына туўра келеди.