Швеция институты раўажланып атырған мәмлекетлерден қәнигелер таярлаўға бағдарланған «Swedish Institute Scholarships for Global Professionals» (SISGP) бағдарламасының 2026-2027-оқыў жылы ушын таңлаў нәтийжелерин жәриялады.

Таңлаў жуўмағында Өзбекстан ўәкиллери 4 стипендияға ийе болды. Бул мәмлекетимиздиң усы бағдарламада биринши мәрте қатнасыўы болып, оның нәтийжеси айрықша әҳмийетке ийе, деп жазбақта "Дунё" МА.

Стипендиялар илим ҳәм экономиканың раўажланыўы ушын әҳмийетли болған тийкарғы бағдарлар, атап айтқанда, робототехника ҳәм автоматластырыў, медицина, мағлыўматлар базалары ҳәм археология бойынша берилмекте.

Жеңимпазлар усы жылдың август-сентябрь айларында Швецияның жетекши университетлеринде магистратурада оқыўды баслаўы күтилмекте. Оқыў толық грант тийкарында алып барылады.

SISGP бағдарламасы шеңберинде стипендиатлар төмендегилерди алады: оқыў қәрежетлериниң толық қапланыўы; айлық стипендия; Швецияға барыў ушын транспорт қәрежетлериниң компенсациясы.

Өзбекстан елшиханасының жәрдеми менен мәмлекетимиз 2025-жылдың декабрь айында Швеция институтының "Глобал профессионаллар" бағдарламасына 34-шерик сыпатында киргизилди.

Бүгинги күнде Өзбекстан бул абырайлы билимлендириў басламасында қатнасып атырған Орайлық Азиядағы бирден-бир мәмлекет болып есапланады.