Атап айтқанда, Орайлық Азия халықаралық институты (ОАХИ) ҳәм Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университети (ЖЭДУ) майданларында эксперт-аналитикалық ҳәм академиялық жәмийетшилик ўәкиллери, илимпазлар, изертлеўшилер, сиясаттаныўшылар, парламент ағзалары ҳәм дипломатлар қатнасыўында додалаўлар өткерилди.

Қазақстан Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажларда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының (СРИИ) басшылары ҳәм экспертлери де қатнасып, Мүрәжаттың тийкарғы қағыйдалары ҳәм олардың еки тәреплеме және регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў ушын әҳмийетине баҳа берди.

Қатнасыўшылардың дыққат орайында Қазақстанды сиясий ҳәм экономикалық модернизациялаўдың тийкарғы бағдарлары, Мүрәжатта белгиленген стратегиялық ўазыйпаларды әмелге асырыў перспективалары, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстанның миллий раўажланыў бағдарламаларын өз-ара байланыстырыў имканиятлары болды.

Додалаўлар даўамында Президент Қасым-Жомарт Тоқаевтың Мүрәжаты раўажланыўдың жаңа басқышында Қазақстанның стратегиялық бағдарларын белгилеп беретуғын әҳмийетли сиясий ўақыя екени атап өтилди. Ол кең көлемли институционал жаңаланыўдан экономикалық, технологиялық ҳәм социаллық модернизациялаўдың әмелий ўазыйпаларын избе-из әмелге асырыўға өтиўди сәўлелендиреди.

Мүрәжатта белгиленген тийкарғы бағдарлар Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған реформалар бағдарына үнлес екенине айрықша итибар қаратылды.

Қатнасыўшылар еки мәмлекет заманагөй, бәсекиге шыдамлы ҳәм технологиялық раўажланған экономиканы қәлиплестириў, инфраструктураны кең көлемде жаңалаў, санаат, энергетика, транспорт-логистика байланысларын раўажландырыў, санластырыў ҳәм инсан капиталының сапасын арттырыўға избе-из итибар қаратып атырғанын атап өтти.

Усы мәниде, стратегиялық көзқараслардың жақынлығы еки мәмлекеттиң модернизациялық күн тәртибин өз-ара байланыстырыў, инвестициялық ҳәм технологиялық ресурсларды бирлестириў, жаңа регионаллық қосымша қун шынжырларын қәлиплестириў ушын қосымша имканиятлар ашып атырғаны атап өтилди.

Илажларда шығып сөйлеген СРИИ директорының биринши орынбасары Акрамжон Неъматов Мүрәжаттың стратегиялық әҳмийетин ҳәм оның Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислер бағдарына уқсаслығын атап өтти.

Оның атап өтиўинше, Қазақстан ҳәм Өзбекстан алдында көп тәреплеме уқсас ўазыйпалар тур: турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў, санаат ҳәм технологиялық модернизацияны жеделлестириў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм экономиканың өнимдарлығын арттырыў.

Қазақстан Президенти атап өткен энергетика, транспорт, санаат кооперациясы, әҳмийетли пайдалы қазылмалар, жасалма интеллект ҳәм инсан капиталы сыяқлы тийкарғы бағдарлар узақ мүддетли раўажланыўдың өз-ара байланыслы күн тәртибин қәлиплестиреди ҳәм Өзбекстан - Қазақстан бирге ислесиўин тереңлестириў ушын кең имканиятлар ашады.

"Өзбекстан ушын тек ғана айрықша басламалардың мазмуны емес, ал өзгерислердиң улыўма логикасы да айрықша қызығыўшылық оятпақта. Қазақстанның стратегиялық бағдарлары көп жағынан "Өзбекстан – 2030" стратегиясының тийкарғы бағдарларына сәйкес келеди. Бул миллий бағдарламаларды бир ўақыттың өзинде әмелге асырыўдан оларды әмелий жақтан байланыстырыўға өтиў ушын қолайлы шараятлар жаратады", – деп атап өтти А.Неъматов.

Санаат кооперациясын кеңейтиў, биргеликтеги транспорт-логистика ҳәм өндирис шынжырларын раўажландырыў, әҳмийетли пайдалы қазылмалар, энергетика ҳәм суў ресурслары тараўларында бирге ислесиў, жасалма интеллект, санлы технологиялар ҳәм инженер кадрлар таярлаў тараўларындағы ҳәрекетлерди бирлестириўди бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары сыпатында атап өтти.

Айрықша транспорт жөнелислерин раўажландырыўдан толық экономикалық коридорларды қәлиплестириўге өтиў, олардың бойлап жаңа өндирислер, логистика орайлары, қайта ислеў кәрханалары ҳәм хызмет көрсетиў қуўатлықларын шөлкемлестириў зәрүр екенлигине айрықша итибар қаратылды.

Өз-ара экономикалық мәпке ийе тийкарғы жойбарларды анықлаған ҳалда, Қазақстан ҳәм Өзбекстанның 2030-жылға шекемги модернизациялаў бағдарламаларын өз-ара байланыстырыў бойынша биргеликтеги картаны ислеп шығыў басламасы әмелий усыныслар қатарына кирди.

Сондай-ақ, турақлы өндирис шынжырларын қәлиплестириў, кәрханалар арасында кооперациялық байланысларды кеңейтиў ҳәм жаңа инвестицияларды тартыў ушын "Орайлық Азия" халықаралық санаат кооперациясы орайының потенциалын және де жедел иске қосыў усыныс етилди.

Суў-энергетика қәўипсизлиги, әҳмийетли минералларды қайта ислеўди локализациялаў, қоспа технологиялық ҳәм билимлендириў жойбарларын әмелге асырыў бойынша көзқарасларды муўапықластырыў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Додалаў қатнасыўшылары бул бағдарлар еки мәмлекет жетекшилериниң Орайлық Азияның экономикалық өз-ара байланыслылығын тереңлестириў, санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм регионаллық өсиўдиң жаңа ноқатларын қәлиплестириўге қаратылған улыўма көзқарасына сәйкес келетуғынын атап өтти.

Усы мүнәсибет пенен жоқары дәрежедеги сиясий исеним, раўажланған шәртнамалық-ҳуқықый база ҳәм жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиў менен беккемленген Өзбекстан - Қазақстан қатнасықларының аўқамласлық характери айрықша әҳмийетке ийе.

Еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң избе-из раўажланып атырғаны тек ғана еки тәреплеме басламаларды әмелге асырыў емес, ал улыўма регионаллық жойбарларды алға қойыў ушын да қолайлы шараят жаратпақта.

Қатнасыўшылардың улыўма пикирине бола, Өзбекстан ҳәм Қазақстанның модернизациялық күн тәртибиниң өз-ара байланысы Орайлық Азияның экономикалық турақлылығын беккемлеў ҳәм халықаралық бәсекиге шыдамлылығын арттырыўдың әҳмийетли факторларынан бирине айланыўы мүмкин.

Биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў регион базарын кеңейтиў, қосымша өндирислик ҳәм технологиялық компетенцияларды қәлиплестириў, инвестицияларды тартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў имканиятын береди.

Онда Өзбекстан - Қазақстан бирге ислесиўиниң тереңлесиў нәтийжеси еки тәреплеме қатнасықлар шеңберинен шығып, Орайлық Азияның барлық мәмлекетлери ушын қосымша имканиятлар ашады, регионның глобал экономикалық ҳәм өндирис шынжырларындағы орнын беккемлейди.

Өткерилген додалаўлар Өзбекстан ҳәм Қазақстан эксперт-таллаў ҳәм академиялық топарларының мазмунлы сөйлесиўди және де раўажландырыў, стратегиялық тийкарғы бағдарлар бойынша баҳа алмасыў, аўқамласлық қатнасықларды беккемлеў ҳәм Орайлық Азияның турақлы раўажланыўына қаратылған әмелий усынысларды ислеп шығыўдан өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады.