Сапар даўамында Санкт-Петербург қаласының туризм тараўы ўәкиллери, туроператорлар, мийманхана бизнеси ҳәм инвесторлар қатнасыўында Өзбекстанның туризм потенциалы менен таныстырыў өткерилди. Қатнасыўшыларға елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаңа туристлик өнимлер, туризм тараўына инвестиция киргизиў имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Бағдарлама шеңберинде В2В тәризиндеги ушырасыўлар да шөлкемлестирилип, еки мәмлекет исбилерменлери тиккелей бизнес байланысларын орнатыў ҳәм келешектеги бирге ислесиў перспективаларын додалаў имканиятына ийе болды.
Буннан тысқары, Өзбекстан делегациясы Санкт-Петербург мәмлекетлик ҳәм исбилермен топарларының ўәкиллери менен бир қатар еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерди. Атап айтқанда, Санкт-Петербург губернаторының орынбасары Б.Пиотровский, Санкт-Петербург ҳәм Ленинград ўәлаяты Кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы И.Кайнов, Санкт-Петербург туризмди раўажландырыў комитетиниң баслығы Е.Панкевич, Санкт-Петербург саўда-санаат палатасының департамент баслығы И.Карпенко, сондай-ақ, "Островок", "ВКонтакте", "Газпром-Медиа Холдинг" компанияларының ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткерилди.
Ушырасыўлар даўамында тәреплер туристлик алмасыўды кеңейтиў, Өзбекстанның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў, туризм ҳәм медиа тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективаларын додалады.