Сөйлесиўлерде үш мәмлекеттиң энергетика, суў ресурслары ҳәм сыртқы ислер
тараўларына жуўапкер мәмлекетлик уйымлары, басқа да мәпдар уйымлар ҳәм
шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Сөйлесиўлерде ҳүкиметлераралық келисим
жойбарын таярлаўда техникалық жәрдем көрсетип атырған Жәҳән банки ўәкиллери де
бақлаўшы сыпатында қатнасты.
Сөйлесиўлердиң
үшинши дөгереги шеңберинде ҳүкиметлераралық келисим жойбарының тийкарғы
қағыйдалары, соның ишинде, жойбарды биргеликте әмелге асырыў ҳәм басқарыў
механизмлери, қаржыландырыў, тәреплердиң миннетлемелерин бөлистириў, сондай-ақ,
үш мәмлекет арасындағы келеси бирге ислесиўди муўапықластырыў мәселелери ҳәр
тәреплеме додаланды.
"Қамбарата ГЭС-1"
жойбарын биргеликте әмелге асырыў Орайлық Азия мәмлекетлериниң суў-энергетика
тараўындағы регионаллық бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў, энергетика
системаларының турақлылығын тәмийинлеў, суў ресурсларынан нәтийжели ҳәм өз-ара
пайдалы пайдаланыў механизмлерин жетилистириўде үлкен әҳмийетке ийе.
Атап өтиў орынлы,
2026-жыл 30-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң
Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен сөйлесиўлеринде энергетика
тараўындағы бирге ислесиў стратегиялық бағдарлардан бири сыпатында белгиленген
еди.
Ушырасыўда “Қамбарата
ГЭС-1” қурылысы жойбары бойынша келисимге тез ўақыт ишинде қол қойыў ҳәм оны
әмелге асырыўға өтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Бул ўазыйпа жойбар бойынша
ҳүкиметлераралық келисимди келисиў ҳәм әмелий таярлаў бойынша үш мәмлекет
арасында даўам етип атырған сөйлесиўлер шеңберинде избе-из әмелге асырылмақта.
Мағлыўмат ушын,
ҳүкиметлераралық келисим жойбары бойынша сөйлесиўлердиң биринши басқышы
2026-жыл 31-март - 2-апрель күнлери Бишкек қаласында, екинши басқышы
28-30-апрель күнлери Ташкент қаласында болып өтти. Алматыдағы үшинши раунд
"Қамбарата ГЭС-1" жойбарын биргеликте әмелге асырыў шәртлерин келисиў
бойынша үш мәмлекеттиң избе-из сөйлесиўлериниң гезектеги басқышы болды.