"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 21-23-апрель
күнлери республика бойынша айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, айырым
жерлерде гүлдирмама болады. Ҳаўаның температурасы 21-апрель күни 24-29гр жыллы,
22-23-апрель күнлери 18-23гр. қа шекем төменлейди.
20-22-апрель күнлери республика бойынша айырым жерлерде
самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң жаўыўы
мүмкин.
24-апрель күни Өзбекстанның барлық аймақларында ҳәм қурғақ
ҳаўа-райы орнап, ҳаўа температурасы көтериле баслайды.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен жаўын жаўады.
Сел-суў өтиўи мүмкин.
Ташкентте бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды. Ертең күнниң
екинши ярымында қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның
температурасы бүгин ҳәм ертең 25-28 дәреже ыссы болады.
22-23-апрель күнлери ўақты-ўақты менен жаўын жаўады,
гүлдирмама болады. Күндизги температура 22-апрельде - 24-26°, 23-апрельде -
20-22°, 24-апрельде жаўын-шашынсыз. Күндиз 25-27 дәреже ыссы болады.
Самалдың бағыты шығыстан күшсиз, орташа, 21-22-апрельде
самалдың тезлиги 12-14 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.