Жаңаланыў ҳәм раўажланыў жолындағы экономикалық және социаллық өзгерислер илим-ағартыўшылық, ҳүждан еркинлиги ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў менен тығыз байланыслы ҳалда алып барылмақта. Бул процесслер жәмийетте өз-ара исеним ҳәм аўызбиршиликти арттырыў, халықтың дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў ушын әҳмийетли тийкар жаратпақта.
Еркин ҳәм абадан турмыс, тынышлық ҳәм татыўлық, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери, ҳүждан еркинлиги және диний кеңпейиллик — жаңа Өзбекстан раўажланыўының әҳмийетли тийкарлары. Өз тарийхымыз, ана тилимиз ҳәм әсирлик қәдириятларымызға ҳүрмет пенен қатнаста болыў мине усы процесстиң ажыралмас бөлеги болып есапланады.
Бул реформалардан тийкарғы мақсет инсанның ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, мүнәсип турмыс кешириўи ушын зәрүр шараятларды жаратыўға қаратылған. "Инсан қәдири ушын!" деген ийгиликли идея әне усы мақсетти жүзеге шығарыў жолында мәмлекетлик сиясаттың орайына алып шығылды. Пуқаралардың мүрәжатлары ҳәм күнделикли турмыстағы талапларына итибар күшейип, машқалаларды орнында шешиўге айрықша әҳмийет берилмекте.
Мәмлекетимиздеги экономикалық ҳәм социаллық реформалар нәтийжесинде халықтың турмыс дәрежеси жақсыланбақта, заманагөй турақ жайлар қурылмақта, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаўдың мәнзилли механизмлери енгизилмекте.
Бул процесслер диний-ағартыўшылық тараўындағы реформалар менен де үзликсиз байланыслы. Себеби инсан қәдирин улығлаў, оның исенимине ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыў, ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм ҳәр қыйлы көзқарасларға кеңпейиллик пенен қатнас жасаў турақлы ҳәм әдалатлы жәмийеттиң әҳмийетли шәртлери болып есапланады.
Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан-ақ "Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында"ғы нызам қабыл етилип, ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўдиң ҳуқықый тийкарлары жаратылды. Кейин ала бул нызам жаңа редакцияда қабыл етилиўи менен бул кепилликлер заман талаплары тийкарында және де жетилистирилди.
Бүгин мәмлекетимизде ҳүждан еркинлиги конституциялық ҳуқық сыпатында беккем кепилленген. Диний тараўда мәмлекетлик сиясаттың ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарлары жетилистирилип, пуқаралардың диний мүтәжликлерин нызамлы ҳәм еркин әмелге асырыўы ушын кең имканиятлар жаратылмақта.
Өзбекстанның уллы тарийхында илим ҳәм ағартыўшылық бәрқулла жоқары орын ийелеген. Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўиринде инсаният ой-пикириниң ғәзийнесин байытқан уллы ойшылларымыздың диний-ағартыўшылық мийрасы мине усы уллы цивилизацияның ажыралмас бөлеги болып есапланады.
Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий, Бурҳаниддин Марғиноний, Баҳауддин Нақшбанд сыяқлы бабаларымыздың илимий-руўхый мийрасы халқымыздың бийбаҳа байлығы болып есапланады. Олардың шығармаларында илим, ақыл, ағартыўшылық, жақсылық, адамгершилик, кеңпейиллик ҳәм руўхый жетиклик идеялары жәмленген.
Президентимиздиң басламасы менен Имам Бухарий, Имам Термизий ҳәм Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайларының шөлкемлестирилгени, Баҳауддин Нақшбанд илимий-изертлеў орайының жумысы жолға қойылғаны мине усы бийбаҳа мийрасты терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўға хызмет етпекте.
Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының ашылыўы болса бул бағдардағы жумыслар жаңа басқышқа көтерилгениниң және бир айқын көриниси болды. Самарқанд жеринде Имам Бухарий комплексиниң қайта қурылғаны да халқымыздың уллы муҳаддис мийрасына жоқары ҳүрметин билдиреди.
Бул дәргайлар тек ғана зыярат орынлары емес. Олар илим-ағартыўшылық, тарийхый яд, миллий өзлик ҳәм жақсылық идеяларын үйлестиретуғын руўхый орайлар сыпатында да үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстанның жаңа раўажланыў басқышында билимлендириў, илим ҳәм ағартыўшылық шешиўши әҳмийетке ийе болмақта. Билимли, еркин пикирлейтуғын, жоқары мәнаўиятлы әўладты тәрбиялаў миллий раўажланыўдың әҳмийетли шәрти сыпатында қаралмақта.
Сонлықтан, билим ҳәм маманлықты раўажланыўымыздың тийкарғы капиталына айландырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген. Балаларды мектепке таярлаў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыў, жоқары билимлендириў ҳәм илимий излениўлер ушын имканиятларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Бул процессте жасларымызға миллий ҳәм диний қәдириятлардың адамгершилик мәнисин дурыс түсиндириў, оларды илим ҳәм ағартыўшылық, ўатансүйиўшилик ҳәм жақсылыққа бағдарлаў, ҳәр қыйлы бузғыншы идеялардан сақлаў бүгинги дәўирдиң әҳмийетли ўазыйпаларынан.
Әсиресе, жасалма интеллект, заманагөй технологиялар ҳәм креатив экономика сыяқлы тараўлар жедел раўажланып атырған бир ўақытта жас әўладтың санлы дүньяда мүнәсип орын ийелеўи менен бирге руўхый тамырлары, қәдириятларына үнлес жумыс алып барыўы оғада әҳмийетли. Себеби, билим, мәнаўият ҳәм қәдирият үнлеслиги бәркамал инсанның ең әҳмийетли белгиси.
Өзбекстан әзелден түрли миллет ҳәм дин ўәкиллери тыныш-татыў, аўызбиршиликте жасап келген үлке. Бүгин елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық, 16 диний конфессия ўәкиллери бир шаңарақ презентлериндей татыў жасамақта. Себеби, тынышсызлық ҳәм өз-ара келиспеўшиликлер күшейип баратырған бүгинги қурамалы дүньяда миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик — халқымыздың бийбаҳа байлығы болып есапланады.
Диний конфессиялар ўәкиллериниң өз диний дәстүр ҳәм мәресимлерин әмелге асырыўы ушын зәрүр шараят жаратылғаны, конфессиялараралық сөйлесиў ҳәм бирге ислесиў раўажланып атырғаны елимизде қәлиплескен кеңпейиллик орталығының әмелий көриниси болып есапланады.
Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, мәмлекетимизде "Кеңпейиллик ҳәптелиги" илажларын кең көлемде өткериў жақсы дәстүрге айланды. Ҳәптелик шеңберинде елимиз аймақларында шөлкемлестирилип атырған ағартыўшылық ушырасыўлар, ашық сөйлесиўлер, илимий-әмелий конференциялар ҳәм мәдений илажлар түрли миллет ҳәм дин ўәкиллерин ийгиликли мақсетлер әтирапында бирлестирмекте. Оларда диний конфессиялар, жәмийетлик шөлкемлер, илим ҳәм билимлендириў тараўы ўәкиллери және жаслардың белсене қатнасыўы кеңпейилликтиң жәмийетимиз турмысындағы әмелий көринисин көрсетпекте.
Бул илажлардың әҳмийети, бәринен бурын, инсанлар арасындағы өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимди беккемлеў, түрли дин ҳәм мәдениятлардың адамгершилик мәнисин тереңирек аңлаўға хызмет етиўинде көринеди. Әсиресе, жас әўладты түрли исеним ҳәм көзқарасларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, сөйлесиў мәдениятын раўажландырыў ҳәм тыныш-татыў жасаў жуўапкершилигин аңлатыўда ҳәптелик әҳмийетли ағартыўшылық майдан болмақта.
2023-жылы "Диний кеңпейиллик" көкирек белгисиниң шөлкемлестирилгени бул қәдириятты хошаметлеўге итибардың айқын үлгиси болды. Өткен дәўирде 500 ден аслам адам усы сыйлық пенен сыйлықланды. Олардың арасында жәмийетимизде диний кеңпейиллик, миллетлераралық татыўлық, тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў жолында нәтийжели жумыс алып барып атырған ҳәр қыйлы тараў ўәкиллери бар екенлигин айрықша атап өтиў зәрүр.
Рамазан ҳәм Қурбан ҳайыты күнлери рәсмий байрам сыпатында белгилениўи болса елимиздиң әсирлик диний ҳәм миллий қәдириятларына мәмлекетлик дәрежеде жоқары ҳүрмет көрсетилип атырғанын билдиреди. Бул қутлы әййямлар мийрим-шәпәәт, сақаўат, кеширимлилик, аўызбиршилик ҳәм адамгершилик сыяқлы пазыйлетлерди және де жоқарылатыўға хызмет етпекте.
Инсан қәдирин улығлаў идеясы жәмийетимизде мийрим-шәпәәт ҳәм сақаўат орталығын беккемлемекте. Халықтың мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў, жәрдемге мүтәж ҳәм наўқас инсанларға жәрдем көрсетиў, майыплығы болған шахслар ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларға ғамхорлық етиў бағдарындағы жумыслардың көлеми барған сайын кеңеймекте.
Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында әмелге асырылып атырған қайырқомлық ҳәм жәрдем илажлары, мәҳәллелерде шаңарақлардың мүтәжликлерин үйрениў ҳәм оларға мәнзилли жәрдем көрсетиў жумыслары социаллық аўызбиршиликти беккемлеўге хызмет етпекте.
Өзбекстанда мәҳәлле тек ғана социаллық турмыстың әҳмийетли буўыны емес, ал адамлар арасындағы мийрим-шәпәәт, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликти беккемлейтуғын руўхый мектеп болып есапланады. Мәҳәлледе түрли миллет ўәкиллери, ҳәр қыйлы диний көзқарасларға ийе инсанлар бир шаңарақтай жасайды. Усы мәнисте, мәҳәлле кеңпейиллик ҳәм татыўлықтың ең әҳмийетли турмыслық мектеби болып есапланады.
Инсан қәдири улығланған, нызам үстин болған ҳәм жәмийетте өз-ара ҳүрмет орнатылған елде экономикалық раўажланыў да, социаллық исеним де жоқарылайды. Өзбекстанның халықшыл сиясаты мине усы ийгиликли мақсетлерге хызмет етпекте.
Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм дослық қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилгени тек ғана регионаллық турақлылықты емес, ал халықлар арасындағы өз-ара исеним ҳәм кеңпейилликти беккемлеўге де хызмет етпекте.
Дүньяның ҳәр қыйлы регионлары менен бирге ислесиўдиң кеңейиўи, халықаралық абырайының артып атырғаны Өзбекстанның тынышлықты сүйиўши ҳәм конструктивлик мәмлекет сыпатындағы абырайын және де беккемлемекте.
Биз ушын тынышлық тек ғана сиясий түсиник емес. Тынышлық инсанның тыныш турмысы, перзентлердиң келешеги, шаңарақ абаданлығы, илим ҳәм ағартыўшылықтың раўажланыўы, диний исеним еркинлиги және жәмийеттиң раўажланыўының ең әҳмийетли шәрти болып есапланады.
Өзбекстанның раўажланыў тәжирийбеси бир ҳақыйқатты айқын көрсетпекте: халық ҳәм мәмлекет бирден-бир мақсет жолында бирлесип, шын кеўилден ҳәрекет еце, жәмийетлик турмыста турақлы ҳәм избе-из өзгерислерге ерисиў мүмкин.
Елимиздиң тынышлық ҳәм дослық дияры, кеңпейил үлке сыпатындағы абырайын жоқарылатыў диний-ағартыўшылық тараўы ушын да үлкен жуўапкершилик жүклейди. Кеңпейилликти тек ғана нызамлар менен емес, бәринен бурын, адамлардың қәлби ҳәм санасында енгизиў зәрүр. Буның ушын илим, ағартыўшылық, саламат исеним ҳәм өз-ара ҳүрмет орталығын және де күшейтиўимиз керек.
Тынышлық ҳәм татыўлықты сақлаў, инсан қәдирин улығлаў, ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў, илим-ағартыўшылықты раўажландырыў, жасларды жақсы мақсетлерге бағдарлаў, миллий ҳәм диний қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаў, түрли миллет ҳәм конфессия ўәкиллери арасында өз-ара ҳүрмет ҳәм кеңпейиллик орталығын беккемлеў жаңа Өзбекстанның айдын келешегин қурыў жолындағы ең әҳмийетли ўазыйпаларымыз болып есапланады.
Содиқ ТОШБОЕВ,
Дин ислери бойынша комитет баслығы