Кейинги жыллары мәмлекет басшыларының қатаң сиясий ерк-ықрары ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди избе-из раўажландырыўға қаратылған ис-ҳәрекетлери себепли Өзбекстан — Түркменстан қатнасықлары сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди.

2017-жыл 6-мартта қол қойылған Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнама ҳәм 2022-жыл 21-октябрьдеги Стратегиялық шерикликти тереңлестириў ҳаққындағы декларация көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болмақта.

Бүгин мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар сиясий сөйлесиўден баслап, саўда-экономикалық, энергетика, транспорт, санаат ҳәм гуманитарлық тараўларға шекем кеңейип бармақта. Товар алмасыў көлемин арттырыў, биргеликтеги кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменлер арасындағы тиккелей байланысларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Өз-ара саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да раўажландырыўда "Шават – Ташаўыз" саўда зонасының нәтийжели жумысы үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Ол тек ғана шегара алды саўданы раўажландырыў емес, ал еки халық арасындағы экономикалық ҳәм социаллық байланысларды және де жақынластырыўға тийкар жаратпақта.

Мәмлекетлеримиз арасындағы парламентлераралық байланыслар да избе-из раўажланбақта. Бул еки мәмлекет парламентлери ўәкиллериниң сапары арқалы және де беккемленбекте. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси менен Түркменстан парламенти арасында шөлкемлестирилген Парламентлераралық дослық топарлары бул байланысларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет етпекте. Бул бирге ислесиўдиң раўажланыўында әҳмийетли тәрепи. Парламент дипломатиясы тек ғана нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў емес, ал еки тәреплеме қатнасықлардың ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, улыўма мәплерге байланыслы мәселелер бойынша пикир алысыў ҳәм өз-ара исенимди беккемлеў ушын әҳмийетли майдан болып есапланады.

Президентимиздиң усы жыл 7-9-октябрь күнлери усы мәмлекетке әмелий сапары Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған қатнасықлар тарийхында әҳмийетли ўақыя болып, еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў, сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға тийкар жаратады.

Сапар шеңберинде мәмлекет басшылары арасында болып өткен ушырасыўда Өзбекстан – Түркменстан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул сөйлесиў мәмлекетлер арасындағы сиясий сөйлесиўди избе-из даўам еттириў, саўда-экономикалық, транспорт, энергетика ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар ашады.

Бул ушырасыў жуўмағында қол қойылған Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңесин дүзиў ҳаққындағы келисим болса шын мәнисинде, еки мәмлекет арасындағы сиясий сөйлесиўди және де тереңлестириў, өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеў ҳәм оларды избе-из әмелге асырыўға хызмет етеди.

Бүгин Өзбекстанның ашық, прагматикалық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясаты Орайлық Азияда өз-ара исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеўде әҳмийетли фактор болмақта. Мәмлекетимиз регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, мәмлекетлер арасындағы сиясий сөйлесиўди жеделлестириў, саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў және бирге ислесиў потенциалынан нәтийжели пайдаланыўға қаратылған әҳмийетли басламаларды избе-из алға қоймақта.

Мәселен, Президентимиздиң басламасы менен 2017-жылы Орайлық Азия мәмлекет басшыларының турақлы Мәсләҳәт ушырасыўы форматының жолға қойылғаны әҳмийетли тарийхый қәдем болды.

"Аваза" миллий туристлик зонасында өткерилген Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының сегизинши Мәсләҳәт ушырасыўы да буған айқын мысал. Ушырасыў регион мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, өз-ара пайдалы байланысларды жаңа мазмун менен байытыў ҳәм Орайлық Азияның халықаралық майдандағы орнын беккемлеў көзқарасынан үлкен әҳмийетке ийе болды.

Усы сөйлесиў регион мәмлекетлери арасындағы шерикликти жаңа басқышқа алып шығыў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды кеңейтиў, транспорт-транзит потенциалынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм энергетика тараўындағы бирге ислесиўди және де тереңлестириў ушын жаңа имканиятларды ашып берди.

Бул саммитте мәмлекетимиз басшысы қатнасып, мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм оны жаңа мазмун менен байытыўға қаратылған әҳмийетли басламаларды алға қойды. Әсиресе, регионаллық сөйлесиў қурылатуғын тийкарды беккемлеў усынысы мәмлекетлер арасындағы исеним ҳәм аўызбиршиликти және де күшейтиўге қаратылған.

Орайлық Азия мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўының жумысын тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў бойынша жумысларды даўам еттириў басламасы болса регионаллық бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарын буннан былай да беккемлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болды. Себеби, пуқта ҳуқықый тийкар мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди системалы ҳәм турақлы раўажландырыў, ерисилген келисимлерди избе-из әмелге асырыў ушын беккем тийкар ўазыйпасын атқарады.

Саммитте экономикалық байланысларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў мәселесине айрықша итибар қаратылғаны да бийкарға емес. Бул бар потенциал ҳәм имканиятларды толық иске қосыў, жаңа бирге ислесиў ноқатларын анықлаў ҳәм әмелий жойбарларды әмелге асырыў ушын кең жол ашады. Атап айтқанда, 2027-жылы ески Хийўа қаласында Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан бизнес форумын өткериў басламасы регионаллық экономикалық шерикликти жаңа мазмун менен байытыў, исбилерменлер арасындағы байланысларды кеңейтиў ҳәм жаңа инвестициялық жойбарларға жол ашыўға қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Бундай ири сөйлесиў майданы мәмлекетлер арасындағы саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў менен бир қатарда, инвестицияларды тартыў, жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў, санаат кооперациясын раўажландырыў ҳәм исбилерменлер арасындағы тиккелей байланысларды беккемлеў ушын да кең имканиятлар жаратады.

Форумның әсирлер даўамында Шығыс ҳәм Батысты байланыстырып келген, Уллы жипек жолының әҳмийетли кесилиспелеринен бири болған әййемги Хийўа қаласында өткерилиўи де терең рәмзий мәниге ийе. Себеби бир ўақытлары саўда кәрўанлары ҳәм түрли мәдениятлар тутасқан бул ески қала бүгин заманагөй экономикалық бирге ислесиў ҳәм жаңа раўажланыў басламалары ушырасатуғын майданға айланбақта.

Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы әзелий дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары жаңа мазмун менен байып бармақта. Мәмлекетимиз басшысының сапар етиўи шеңберинде ерисилген келисимлер еки туўысқан халықтың мәплерине хызмет ететуғын жаңа бирге ислесиў горизонтларын ашты. Бул сапар етиў шын мәнисинде, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынына гүман жоқ.

Наргиза САЛОМОВА,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты