Буннан сәл алдын ярым финалда үшинши боксшимиз Жаҳонгир
Зокиров (+90 кг) жәҳән чемпионатларының еки мәрте сыйлы орын ийеси армениялы
Давит Чалоянга қарсы кескин беллесиўлерде 2:3 есабында жеңилиске ушырағаны
мәлим болды. Жиззақлы 22 жаслы спортшы жәҳән кубоги басқышының бронза медалын
қолға киргизгени де жетискенлик, бирақ бул шек емес.
Финалда биринши болып рингке шыққан Фарзона Фозилова (-48
кг) қыйын беллесиўде мексикалы Фатима Эррерадан 4:1 есабында жеңилиске ериссе,
екинши финалда Навбаҳор Ҳамидова (-65 кг) қазақстанлы Аида Абикееваны
төрешилердиң бир даўыслы қарары менен жеңип шықты.
Дүньяның елиўге шамалас мәмлекетинен 400 ге шамалас спортшы
қатнасқан жарыстың медаллар рейтингинде Бразилия 4 алтын ҳәм 5 гүмис медаль
менен биринши, Қытай екинши (4-1-0) ҳәм Қазақстан үшинши (3-1-3) орынларды ийелеп,
сайланды командамыз алтаўлықта (2-0-1) болды. Егер Бразилияға бары-жоғы төрт
боксшы барғанын есапқа алсақ, бул оғада жақсы нәтийже. Қутлықлаймыз!
Бул ҳаққында Өзбекстан бокс федерациясының телеграм каналы
хабар бермекте.
Демек, 15-20-июнь күнлери Қытайдың Гуйян қаласында бокс
бойынша World Boxing
жәҳән кубогиниң екинши басқышы болып өтеди. Асығыслық пенен күтемиз!