Жәҳән экономикасында кәмбағаллық мәселеси және де қыйынласып атырған бир ўақытта Өзбекстанда соңғы жылларда бақланып атырған өзгерислер айрықша итибарға ылайық. Инфляция, мийнет базарындағы трансформация, геосиясий турақсызлық ҳәм халықтың дәраматларына тәсир етип атырған глобал факторлар шараятында кәмбағаллық дәрежесиниң төменлеўи экономикалық сиясат нәтийжелерин баҳалаўда әҳмийетли өлшемлерден бирине айланбақта.

Жәҳән банкиниң "Өзбекстанда кәмбағаллық ҳәм теңликти баҳалаў: абаданлыққа ерисиў ҳәм ҳәмме ушын имканиятларды кеңейтиў жолында" есабаты усы көзқарастан мәмлекеттеги экономикалық процесслерге кеңирек нәзер таслаў имканиятын береди.

Дерлик 3,7 миллион адамның кәмбағаллықтан шыққаны ҳаққында оқығанымызда, бул санды бир мәўрит статистикалық есабат бетинен алып, инсан өмири өлшемине қойып көриў мүмкин. Кешеги "бүгинди қалай өткеремен?" деген тәшўиш кем-кемнен "ертең қалай жасайман?" деген режемге айланып атырғанын көз алдымызға келтирейик. Негизинде кәмбағаллықтан шығыўдың мәниси де сонда. Инсанның бүгинги дәраматы көбейиўи менен шекленбейди, оның ертеңги имканиятлары кеңейип барады. Қайсы кәсипти таңлаў, қай жерде ислеў, перзентине қандай билим бериў, турақ жай шараятын жақсылаў, денсаўлығы ҳәм келешеги ушын қаржы ажыратыў сыяқлы қарарлардың барлығы экономикалық имканиятлар менен тығыз байланыслы. Соның ушын кәмбағаллықтан шығыўды проценттиң азайыўы менен бирге инсанның имканиятлары кеңейиўи сыпатында да түсиниў зәрүр.

Есабаттағы және бир әҳмийетли тәрепи - орта қатламның көбейиўи. 2021-жылы Өзбекстан халқының 37 проценти орта қатламға тийисли болған болса, 2025-жылға келип бул көрсеткиш 72 проценттен асты. Бул санды да тек ғана экономикалық көрсеткиш сыпатында қабыл етиў азлық етеди. Себеби орта қатламның кеңейиўи жәмийеттеги турмыс тәризиниң де өзгериўин аңлатады. Дәраматы салыстырмалы турақлы адам ертеңги күни ҳаққында режелестире алады. Перзентиниң билим алыўына қаржы ажыратады. Кәсиплик маманлығын арттырыў ҳаққында ойлайды. Турақ жайын жақсылаў ямаса исбилерменликти баслаў имканиятларын көрип шығады. Яғный инсанның ой-пикириндеги "тири қалыў" мүтәжлиги әсте-ақырын "раўажланыў" зәрүрлигине орын босатады. Жәмийетте орта қатлам көбейген сайын, адамлардың өз келешегине тәсир көрсетиў имканияты да сонша артып барады.

Кәмбағаллық географиясындағы өзгерислер де айрықша итибарға ылайық. Алдын кәмбағаллық ҳаққында сөз болғанда, көз алдымызда, бәринен бурын, аўыл, алыс аймақ, имканияты шекленген мәҳәллелер сәўлеленетуғын еди. Бүгинги санлар болса бул көзқарасты өзгертип атыр. Аўыл ҳәм қалалардағы кәмбағаллық дәрежеси арасындағы айырмашылық 2021-жылдағы 5,9 процент пункттен 2025-жылда 1,2 процентке шекем қысқарды. Бул өзгерислердиң әҳмийети пайтахт ҳәм ири қалалардан баслап, ең шетки аймақтағы әпиўайы шаңарақ турмысына шекем жетип барып атырғаны менен баҳаланады. Егер имканиятлар тек орайларда топланып қалса, экономикалық өсиў жәмийеттиң барлық қатламына бирдей тәсир көрсетпейди. Усы көзқарастан, аўыл ҳәм қала арасындағы кәмбағаллық айырмашылығының қысқарыўы имканиятлар географиясы кеңейип атырғанының әҳмийетли белгиси болып есапланады.

Социаллық жәрдем мүтәж адамға қыйын жағдайда ўақтынша мәдет болыўы мүмкин. Бирақ шаңарақты узақ мүддетли кәмбағаллықтан алып шығатуғын тийкарғы күш билим ҳәм кәсип арқалы табылатуғын мүнәсип дәрамат болып есапланады. Бүгин мәмлекет сиясатында адамларға балық емес, қармақ берилмекте. Нәтийжеде кем тәмийинленген шаңарақларда ер адамлардың айлықлы жумыс пенен бәнтлик үлеси 2022-жылдағы 18 проценттен 2025-жылда 46 процентке жетти. Жәрдемге мүтәж қатламның жыллық реал мийнет ҳақысы 11-12 процентке артқаны бул реформалардың халық турмысына унамлы тәсирин көрсетеди. Системалы жәрдем инсанды ғәрезсизликке жетеклеўи керек. Кәмбағаллыққа қарсы гүресиўдиң ең дурыс жолы да әйне пуқаралардың өз потенциалын жүзеге шығарыўы ушын кең имканиятлар жаратыў болып табылады.

Бул имканиятлар есигиниң ашылыўы нәтийжесинде 2019-2024-жылларда Өзбекстан халқының 44 проценти жоқары экономикалық категорияға өтти. Кимдур турақлы жумыс орнына ийе болды, кимдур заманагөй кәсип-өнер ийеледи, және кимдур шаңарақлық исбилерменлик арқалы жаңа дәрамат дәрегин жаратты. Кеше ғана күнделикли турмыслық қәрежетин еплеп таўып атырған шаңарақлар бүгин перзентлериниң сапалы билим алыўы ямаса турақ жай шараятын жақсылаў ҳаққында узақ мүддетли режелер дүзе баслады. Экономикалық ҳәрекетшеңликтиң ең сезилерли жетискенлиги де адамлардың дүньяқарасы ҳәм турмыс дәрежесиниң сапа жағынан өзгериўинде көринеди.

Сондай-ақ, экономикалық текшениң жоқары басқышына шығыў менен мақсет жетилискен болып қалмайды. Өсиў пәтин сақлап қалыў ҳәм ерисилген дәраматларды қорғаў гезектеги әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Мийнет базарында талаплар тез өзгерип атырған, жаңа кәсиплер пайда болып атырған ҳәзирги шараятта жумыс орнының турақлылығы ҳәм қәнигениң маманлығы биринши орынға шықты. Бүгинги абаданлық ертеңги жаңа талаплар алдында кем болмаўы ушын мәмлекет тәрепинен үзликсиз кәсипке оқытыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў системасы избе-из даўам еттирилмекте.

Жәҳән банкиниң есабатындағы санлар мине усы системалы шынжырдың ажыралмас бөлеклери болып есапланады. Онда сәўлеленген көрсеткишлер қурғақ статистика емес. Кәмбағаллықтың қысқарыўы, орта қатламның көбейиўи, аўыл ҳәм қала арасындағы айырмашылықтың азайыўы артында миллионлаған ўатанласларымыздың өзгерген тәғдири, жаңа жумыс орынлары ҳәм жүзеге шыққан үмитлери тур.

Ерисилген унамлы көрсеткишлер системалы жаңаланыўлар дурыс стратегиялық бағдарда алып барылып атырғанын тастыйықлайды. Ўақыттың өтиўи менен статистика кестелериндеги миллионлаған санлар ҳәм процентлер әпиўайы, бирақ абадан турмыс көринислерине айланыўы сөзсиз. Реформалардың ҳақыйқый жетискенлиги қурғақ есабатларда сәўлеленбейди. Олар ўатанласларымыздың ертеңги күнге беккем исеними, шаңарақлардың берекетлилиги, ықшам турақ жайлар және перзентлеримиздиң сапалы билим алыўы ҳәм айдын келешегинде өз көринисин табады.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы