Экономикалық турақлылық ҳәм қүдиретти гөзлеген мәмлекет тәбийғый байлықларына емес, ал инсан капиталына сүйенеди. Яғный жасларына билим алыўы ушын, илимпазларына илимди терең үйрениўи ушын, ақырында, пуқараларына абадан жасаўы ушын шараят жаратыўға ҳәрекет етеди.  Усы мәнисте, соңғы ўақытлары мәмлекетимиздиң билимлендириў системасында әмелге асырылған илажларға тап усы тәрийпти бериўимиз мүмкин. Себеби соңғы жыллары тараў жыллар даўамында топланып қалған машқалаларды сапластырыў, материаллық-техникалық базаны жаңалаў ҳәм заманагөй талапларға бейимлесиў жолында терең трансформацияны басынан өткерди.

Статистикалық есабатлар ҳәм реал өзгерислер тийкарында бул процести мазмун жағынан бир неше бағдарға ажыратыў мүмкин. Соның ишинде, бәринен бурын, мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў үш еседен зыят кеңейтилди. Баланың интеллектуаллық ҳәм социаллық тийкары әйне 3-7 жас аралығында қәлиплесиўи инабатқа алынса, мектепке шекемги билимлендириўдеги секириў ең әҳмийетли ҳәм басланғыш реформа болып есапланады. 2017-жылы балаларды бақшаларға қамтып алыў дәрежеси тек ғана 25,4 процентти қураған болса, бул көрсеткиш 2021-жылы 62 процентке, 2025-жылға келип болса 78 процентке жеткерилди. Бул динамика тек ғана мәкемелер санының артыўын емес, ал шетки аймақлардағы балалардың да билимлендириўге толық интеграцияланыўын тәмийинледи. Нәтийжеде баслаўыш классқа киятырған оқыўшылардың улыўма таярлық дәрежеси теңлесип, кейинги басқышлардағы сапа айырмашылығын қысқартыў имканияты жаратылды.

Билимлендириў системасы толық санластырылды ҳәм ашық-айдынлық механизмлери енгизилди. Барлық билимлендириў буўынларында бюрократия ҳәм инсан факторын азайтыўшы бирден-бир электрон платформалар жаратылды. Мектеплерде eMaktab” (Күнделик) электрон журналлары енгизилди, жоқары билимлендириўде кредит-модул системасын басқарыўшы “HEMIS" мәлимлеме системасы толық иске қосылды. Жоқары оқыў орынларына қабыллаў процесслери, имтиханлар ҳәм оқыўды көшириў толық онлайн форматқа өткерилип, ашық-айдынлық тәмийинленди.

Улыўма билим бериў пәнлеринен жаңа әўлад сабақлықлары комплекси жаратылып, оқыў бағдарламалары жаңаланды. Билимлендириўдиң мазмунын гөнерген қәлиплерден шығарыў ҳәм заманагөй компетенцияларға бейимлестириў мақсетинде жаңа әўлад сабақлықлар топламларын ислеп шығыў пәти сезилерли дәрежеде жеделлести. Жаңа сабақлықлар топламы 2023-жылы 87,2, 2024-жылы 83,2 ҳәм 2025-жылы 68,8 ди қурады. Оқыў-методикалық мазмун әмелий жойбарлаў тапсырмалары менен байытылды. Бул илгерилеў улыўма билим бериў мектеплери ушын оқыў-методикалық мазмун ядлаўға емес, ал сын көзқарастан пикирлеў, таллаў ҳәм әмелий көнликпелерди қәлиплестириўге бағдарланған халықаралық стандартлар тийкарында қайта ислеп шығылғанлығын көрсетеди. Жаңа сабақлықлар әмелий мысаллар, жойбарлаў тапсырмалары ҳәм күнделикли турмыста пайдалы болатуғын билимлер менен байытылып, оқыўшыларды тек имтихан тапсырыўға емес, ал реал турмысқа таярлаўға бағдарланды.

Мектеплерде педагоглардың сапасы жақсыланып, жоқары мағлыўматлы қәнигелердиң үлеси көбейди. Оқытыўшылардың кәсиплик таярлығы билимлендириўдиң сапасын белгилейтуғын бас фактор болып есапланады. Улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде жоқары мағлыўматлы оқытыўшылардың үлеси 2017-жылдағы 83,5 проценттен 2021-жылда 89,3 процентке жеткерилди ҳәм кейинги жылларда турақлы сақланып қалды. Нәтийжеде улыўма билим бериў мектеплеринде сабақ берип атырған жоқары мағлыўматлы педагоглардың үлеси артып, орташа тоғыздан бир қатнастан дерлик толық жоқары мағлыўматлы кадрлар қурамына жетти. Бул процесс педагоглардың аттестациясы, үстеме системасы ҳәм маманлық категорияларының қайта көрип шығылыўы арқалы мектеплерде илимий-методикалық таярлығы жоқары қәнигелердиң үлеси артыўына хызмет етти.

Жеке меншик мектеп ҳәм мәмлекетлик емес бақшалар тармағы кескин раўажланды. Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлериниң енгизилиўи ҳәм жеке меншик секторға жаратылған жеңилликлер мәмлекетлик емес билимлендириў тармағын кеңейтти. Жеке меншик улыўма билим бериў мектеплериниң саны 2017-жылдағы 30 дан 2025-жылда 705 ке жетти (23,5 есе өсиў). Жеке меншик бақшалар тармағы болса 250 ден 1 240 қа (шама менен 5 есеге) артты. Бул системада саламат бәсекиликти жүзеге келтирди. Ата-аналарға перзенти ушын билимлендириў бағдарын еркин таңлаў имканиятын жаратты.

Бурын орта билимлендириў тараўы толық мәмлекет қарамағында болып, ата-аналарда альтернатив билимлендириў методларын таңлаў имканияты дерлик жоқ еди. Нызамшылықтағы жеңилликлер ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлери жеке меншик сектордың мектеп билимлендириўине жедел кирип келиўине түртки болды. Санаўлы мектеплерден басланған бул бағдар бүгинги күнде жүзлеген заманагөй оқыў орынларын қамтып алған ири системаға айланды. Жеке меншик мектеплер шет тиллерин тереңлестирилген тәризде үйретиў, халықаралық бағдарламаларды енгизиў ҳәм оқыўшыға индивидуал қатнас жасаў бойынша жетекшилик етип, мәмлекетлик мектеплерге де унамлы бәсеки басымын бериўди баслады.

Талантлы жаслар ушын қәнигелестирилген билимлендириў системасы жолға қойылды. Қәбилетли балаларды анықлаў, оларды заманагөй илим ҳәм технологиялар тийкарында оқытыў бойынша жаңа әўлад мектеплери тармағы жолға қойылды. 2019 ҳәм 2020-жылларда тәжирийбе сыпатында шөлкемлестирилген 7 президент ҳәм қәнигелестирилген мектеп саны 2021-жылы 17, 2022-жылы болса кескин кеңейип 183 ке жеткерилди. 2024-жылы 199 ҳәм 2025-жылы 216 ға жеткен бул мектеплер пүткил улыўма билимлендириў системасы ушын сабақ бериў усылы, баҳалаў системасы ҳәм оқыў стандартлары бойынша локомотив ўазыйпасын атқарып келмекте.

Заманагөй лабораториялар, сырт ел қәнигелериниң қатнасыўындағы оқыў бағдарламалары ҳәм еркин илимий излениўге тийкарланған бул орынлар пүткил миллий билимлендириў системасы ушын сапа үлгисине айланып, жаңа педагогикалық қатнасларды сынақтан өткериў полигонына айланды.

Жоқары билимлендириўге қамтып алыў кеңейтилип, студентлер ушын кең имканиятлар жаратылды. Жоқары билимлендириў тараўында узақ жыллар даўам еткен квота шеклеўлери ҳәм жасалма тосқынлықлар алып тасланды. 18-23 жастағы халықтың жоқары билимлендириў менен қамтып алыныўы 2016-жылдағы 7,2 проценттен 2024-жылға келип 47,7 процентке жетти. 2025-жылы жоқары билимлендириў шөлкемлериниң саны 215 ти қурады (соның ишинде, дерлик 100 жаңа мәмлекетлик емес ЖОО ашылды). Система ғалаба қабыллаў басқышынан енди сапа ҳәм қатаң аккредитация қадағалаўы басқышына өтпекте.

Университетлердиң халықаралық интеграциясы жеделлести ҳәм глобал рейтинглерде орын ийеледи. Сырт ел абырайлы университетлери менен биргеликтеги қоспа билимлендириў бағдарламаларының саны 2019-жылдағы 267 ден 2025-жылы 441 ге жеткерилди ҳәм еки тәреплеме диплом бериў жолға қойылды. Халықаралық абырайлы рейтинг агентликлери кестелеринде Өзбекстан жоқары оқыў орынларының көрсеткишлери дизимге алынып басланды. Бул болса миллий дипломлардың глобал мийнет базарында тән алыныўы ҳәм конвертациясына хызмет етиўши әҳмийетли факторға айланды.

Кәсиплик билимлендириў системасы түп-тийкарынан реформаланып, мийнет базары ҳәм дуал билимлендириў талапларына бейимлестирилди. Өзбекстанда кәсиплик билимлендириў системасын мийнет базары талапларына бейимлестириў бойынша басқышпа-басқыш реформалар әмелге асырылды. Дәслеп кәсип-өнер мектеплери, колледжлер ҳәм техникумлардан ибарат жаңа профессионал билимлендириў системасы қәлиплестирилди. Көп өтпей, теориялық билимлерди билимлендириў мәкемесинде, өндириске байланыслы әмелий көнликпелерди тиккелей кәрханаларда ийелеўди бирлестиретуғын дуал билимлендириў механизми әмелиятқа енгизилди.

Кейинги басқышта бирден-бир техникумлар тармағына өтилип, қысқа мүддетли кәсиплик курсларды жолға қойыў, оқыў бағдарламаларын жумыс бериўшилердиң талабына бейимлестириў ҳәм халықаралық билимлендириў стандартларын енгизиў имканиятлары сезилерли дәрежеде кеңейтилди. Тараўды басқарыўды жетилистириў мақсетинде Кәсиплик билимлендириў агентлиги шөлкемлестирилип, оған техникумлардың жумысын муўапықластырыў, билимлендириў бағдарламаларына бирден-бир талапларды белгилеў және кәрханалар менен бирге ислесиў ҳәм дуал билимлендириўди раўажландырыў ўазыйпалары жүкленди.

Сондай-ақ, Президент Администрациясы жанында шөлкемлестирилген Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў миллий агентлигине кәсиплик билимлендириўде де сыртқы сапа қадағалаўын әмелге асырыў ўәкиллиги берилди. Системалы ҳәрекетлер нәтийжесинде 2025-жылдың ақырына келип 67,4 мың оқыўшы 17 мың 40 жумыс бериўши менен биргеликте дуал билимлендириў процесине тартылды ҳәм 47 техникумда халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында оқытыў жолға қойылды.

Халықаралық пән олимпиадаларындағы тарийхый рекордлар ҳәм талантлыларды системалы хошаметлеў механизми жаратылды. Билимлендириў тараўындағы трансформацияның сапа көрсеткиши тек ғана қамтып алыў емес, ал миллий интеллектуаллық потенциалдың глобал бәсекиге шыдамлылығы менен де өлшенеди. Узақ жыллар даўамында халықаралық пән олимпиадаларында Өзбекстан ўәкиллери тек ғана жеке-жеке басламалар дәрежесинде қатнасып, жыллық медальлардың саны бармақ пенен санаўға болатуғын дәрежеде шекленип қалған еди. 2019-жылы Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм Президенттиң тийисли қарары менен олимпиадаларға таярлықтың орайласқан селекция ҳәм тренерлик системасының жолға қойылғаны бул бағдарда үлкен бурылыс жасады.

Өзбекстан оқыўшылары халықаралық пән олимпиадаларында 2019-жылы 30 медальды қолға киргизген болса, бул көрсеткиш 2020-жылы 25, 2021-жылы 45, 2022-жылы болса 41 ди қураған. 2023-жылдан баслап нәтийжелерде избе-из өсиў бақланып, медальлар саны 2023-жылы 96 ға, 2024-жылы 128 ге ҳәм 2025-жылы 210 ға жеткен. Нәтийжеде 2025-жылы қолға киргизилген медальлардың саны 2019-жылдағыдан жети есеге артқан. Бул көрсеткишлер оқыўшыларымыздың халықаралық пән жарысларындағы жетискенликлериниң көлеми кеңейгенлигин көрсетеди. Усы тәризде 2025-жылы елимиз оқыўшылары халықаралық пән олимпиадаларында қолға киргизилген медальлар саны бойынша тарийхый ең жоқары нәтийжеге еристи.

Дүньяның ең абырайлы илимий майданларында — Халықаралық математика олимпиадасы, химия, биология, физика ҳәм информатика бойынша беллесиўлерде оқыўшыларымыз тек ғана қола емес, ал избе-из алтын ҳәм гүмис медальларын қолға киргизип, дүньяның ең күшли 100 ден аслам мәмлекети арасында Өзбекстан сайланды командаларын күшли жигирмалық ҳәм онлықларға алып шықты.

Өткен дәўир даўамындағы илажлардың анализи миллий билимлендириў системасы кешиктирип болмайтуғын биринши басқышты — инфраструктураны тиклеў, қамтып алыўды кеңейтиў ҳәм жеке меншик инвестицияларға жол ашыў сыяқлы муғдарлы ўазыйпаларды табыслы жуўмақлады. Енди система гезектеги, әдеўир қурамалы ҳәм жуўапкершиликли — сапа басқышына қәдем қоймақта.

Бул бағдарда тийкарғы итибар оқыў бағдарламаларының мазмунын және де байытыў, билимлендириў процесслерин заманагөй экономика ҳәм мийнет базарының талаплары менен үзликсиз байланыстырыў және педагог кадрлардың кәсиплик шеберлигин үзликсиз арттырыўға қаратылмақта. Системалы ҳәрекетлердиң тийкарғы мақсети болса еркин пикирлейтуғын, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе, халықаралық майданда бәсекиге шыдамлы қәнигелерди жетилистириў арқалы мәмлекеттиң интеллектуаллық потенциалын турақлы арттырып барыўдан ибарат.

Нилуфар ДОНИЁРХЎЖАЕВА,

"Раўажланыў стратегиясы" орайы атқарыўшы директорының орынбасары