Онда Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң биринши орынбасары Айбек Даўлетбаев, Төрткүл районы ҳәкиминиң орынбасары Бабур Янгибаев, районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң хызметкерлери ҳәм райондағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң директорлары қатнасты.
Ашықтан-ашық сөйлесиў даўамында райондағы билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған жумыслар сын көзқарастан талланып, бар қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды.
Соның ишинде, оқытыўшылардың пәнлер бойынша миллий ҳәм халықаралық сертификатларға ийелик дәрежеси, педагоглардың алдынғы жумыс тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў, орта арнаўлы мағлыўматлы оқытыўшылардың жумыс нәтийжелилигин ҳәм 11-класс питкериўшилериниң жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў көрсеткишлерин арттырыў мәселелери көрип шығылды. Сондай-ақ, оқыўшылардың пәнлер бойынша миллий ҳәм халықаралық сертификатларды қолға киргизиўи, қәбилетли, IТ тараўында дәрамат табатуғын оқыўшылардың үлесин арттырыў ҳәм "Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери" жойбары шеңбериндеги жумыслардың нәтийжелилигин тәмийинлеў ўазыйпалары додаланды.
Ашықтан-ашық сөйлесиўдиң тийкарғы мақсети - билимлендириўдиң сапасын жаңа басқышқа алып шығыў, педагоглардың потенциалын арттырыў ҳәм оқыўшылардың билим ҳәм көнликпелерин және де раўажландырыўдан ибарат болды.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
«Янги Ўзбекистон» хабаршысы.