Ушырасыўда Өзбекстан сыртқы сиясат уйымының басшысы Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Тәреплер сиясий сөйлесиўди буннан былай да беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, еки мәмлекет арасындағы мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў мәселелерин додалады.

Сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер, Өзбекстан ҳәм Ҳиндстанның халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.

Президентимизге шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, еки мәмлекет сыртқы сиясий уйымлары Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў бойынша избе-из биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге таяр екенин тастыйықлады", - деп жазған Бахтиёр Саидов өзиниң Telegram-каналында.