Мәмлекетимиздиң Пакистандағы елшиханасының басламасы менен “WaterCon” делегациясының Өзбекстанға бизнес-миссиясы шөлкемлестирилди. Сапар даўамында компания ўәкиллери Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлигинде сөйлесиўлер өткерди.
Ушырасыўларда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, оларды терең қайта ислеў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў перспективалары додаланды.
Сөйлесиўлер жуўмағында “WaterCon” компаниясы ҳәм Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Ҳүжжетке бола, Янгиобод районында 500 гектар майданда заманагөй зайтун плантациясы шөлкемлестириледи. Жойбар шеңберинде зайтун жетистириў менен бир қатарда, оны қайта ислеў ҳәм таяр өним ислеп шығарыў жолға қойылады.
Кейинги басқышларда зайтунды санаат усылында қайта ислеў, таяр өнимди қадақлаў ҳәм “Made in Uzbekistan” бренди астында сырт ел базарларына экспорт етиў режелестирилген.
Тәреплер жойбарды әмелге асырыў ушын зәрүр инфраструктураны қәлиплестириў ҳәм шөлкемлестириў жумысларын жолға қойыў бойынша кейинги қәдемлерди де белгилеп алды.