Ушырасыўда Елшиниң Өзбекстандағы жумысы Өзбекстан -
Қазақстан қатнасықларында әҳмийетли тарийхый дәўирге туўра келгенлиги айрықша
атап өтилди. Атап айтқанда, 2022-жыл 22-декабрь күни еки мәмлекет арасында
Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаны атап өтилди, деп
хабар бермекте ӨзР СИМ баспасөз хызмети.
Елшиге туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дослық,
жақсы қоңсышылық ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўге қосып атырған
салмақлы жеке үлеси ушын қызғын миннетдаршылық билдирилди.
Сондай-ақ, дипломаттың хызметлери Өзбекстан
Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен жоқары баҳаланып, ол
"Дўстлик" ордени менен сыйлықланғаны атап өтилди.
Ушырасыў соңында Бейбут Атамқулов Өзбекстанның шын
кеўилден досы ҳәм жоқары профессионал дипломат сыпатында атап өтилди. Оған
алдағы жумысларында жаңа табыслар тиледи.