Ушырасыўда тәреплер саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективаларын, Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын додалады.

Медицина, туризм, IТ, санаат, билимлендириў ҳәм илимий қолланбалар тараўларындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.

Владимир Кухарев Беларусь Өзбекстан менен саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиўден мәпдар екенин атап өтти. Атап айтқанда, Өзбекстан базарында талап жоқары болған ағашты қайта ислеў ҳәм мебель өнимлерин ислеп шығарыў перспективалы бағдарлар сыпатында көрсетип өтилди.

Сондай-ақ, Беларусь тәрепи медициналық әсбап-үскенелер ҳәм техникалар ислеп шығарыўшы кәрханалар менен бирге ислесиўди жолға қойыўға жәрдемлесиўге таяр екенин билдирди. Билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў ҳәм Өзбекстан пуқараларының Беларусьта билим алыўы ушын имканиятларды кеңейтиў мәселелери айрықша додаланды.

Сондай-ақ, тәреплер еки мәмлекет арасындағы авиақатнаўлардың санын көбейтиў, бул туризмди раўажландырыў ҳәм исбилерменлик байланысларын беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Владимир Кухаревтиң атап өтиўинше, Минскте Өзбекстан саўда үйиниң ашылыўы Беларусь пайтахтының бизнес ўәкиллери ҳәм халық арасында қызығыўшылық оятқан әҳмийетли ўақыя болды.

Нуриддин Мамажонов Өзбекстан ҳәм Беларусь санаат кооперациясынан баслап мәденият ҳәм туризмге шекемги түрли тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша уқсас көзқарасларға ийе екенин атап өтти. Оның сөзлерине бола, еки мәмлекет басшылары бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеп алды ҳәм тәреплер оларды әмелге асырыў бойынша әмелий жумысларды баслап жиберди.

Өзбекстан исбилерменлери 11-сентябрь күни Минск қаласында болып өтетуғын Экономикалық бирге ислесиў халықаралық форумында қатнасыўы күтилмекте. Илаж жаңа исбилерменлик байланысларын орнатыў ҳәм бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын излеў ушын майданға айланады.

Машина қурылысын раўажландырыў ҳәм өндиристи локализациялаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан өз аймағында Беларусь сервис орайларын шөлкемлестириўден, коммуналлық ҳәм жолаўшы техникаларын жыйнаўды шөлкемлестириўден мәпдар.

Атап айтқанда, "Белкоммунмаш" кәрханасы менен бирге ислесиў, Ташкент қаласы ҳәм Өзбекстанның басқа да аймақларында жәмийетлик транспортты жаңалаў ушын автобуслар ислеп шығарыўды локализациялаў имканиятлары додаланды.