Сессия шеңберинде Нәсиллик кемситиўдиң барлық түрлерин
сапластырыў ҳаққындағы халықаралық конвенция қағыйдаларының мәмлекетимиз
тәрепинен орынланыўы бойынша Өзбекстанның XIII-XIV бирлескен дәўирлик баянатлары көрип
шығылды.
Делегация ағзалары елимизде инсан ҳуқықларын тәмийинлеў,
кемситиўдиң барлық түрлерине қарсы гүресиў, миллетлераралық татыўлықты
беккемлеўге қаратылған избе-из реформалар ҳаққында мағлыўмат берди. Атап
айтқанда, нызамшылықты жетилистириў, институционаллық механизмлерди күшейтиў
ҳәм әмелиятта әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелерине айрықша итибар
қаратылды.
Сондай-ақ, БМШ Бас Ассамблеясының 1965-жыл 21-декабрьдеги
резолюциясы тийкарында қабыл етилген усы Конвенция шеңбериндеги миннетлемелерди
орынлаў бойынша комитетке усынылған XIII-XIV бирлескен дәўирлик баянатлар тийкарында әмелге
асырылған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берилген.