Ушырасыўда Өзбекстан менен Алжир арасындағы дослық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, парламентлераралық байланысларды жеделлестириў, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Еки мәмлекетти тарийхый байланыслар, уқсас қәдириятлар, жақын мәденият ҳәм дәстүрлер байланыстырып туратуғыны атап өтилди. Өзбекстан Алжир менен көп қырлы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўдан мәпдар.

Сөйлесиў ўақтында парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў, парламентлераралық бирге ислесиў топарларының жумысын күшейтиў, сондай-ақ, еки мәмлекет парламентлери арасындағы әмелий сөйлесиўди және де кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ушырасыўда халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўди избе-из даўам еттириў, сондай-ақ, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты ҳәм санаат кооперациясы тараўларындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларына итибар қаратылды.

Мәдений-гуманитарлық тараўда ислам цивилизациясы мийрасын үйрениў, илим ҳәм билимлендириў мәкемелери арасындағы байланысларды раўажландырыў, Ташкент ҳәм Алжир қалаларында мәденият күнлери ҳәм көркем өнер көргизбелерин өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин буннан былай да арттырыў, гендер теңликти тәмийинлеў, адам саўдасына қарсы гүресиў, турақлы раўажланыў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Парламентлераралық аўқам ҳәм Өзбекстан парламенти менен биргеликте 2026-жыл 4-6-сентябрь күнлери Самарқанд қаласында шөлкемлестирилетуғын Жас парламентарийлердиң XII глобаллық конференциясына Алжир парламенти ўәкиллери мирәт етилди.